Әҳмийетли мәселелер додаланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң мәжилиси болып өтти. Илажда институтта руўхый-ағартыўшылық бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, жасларда жоқары әдеп-икрамлылық қәдириятларды қәлиплестириў ҳәм жәмийетте руўхый орталықты жақсылаўға байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды.
Мәжилисти институт ректоры, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң баслығы Қ.Қодиров басқарып барды, – деп мағлыўмат береди НМПИ Баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Тараўда жүз берип атырған машқалалар ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылып, алдағы ўазыйпалар атап өтилди.
Студент-жаслардың арасында ҳәр қыйлы жат идеялар, зыянлы иллетлер, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслардың анық механизмлерин ислеп шығыў ҳәм үгит-нәсият жумысларының нәтийжели усылларынан пайдаланыўдың әҳмийети атап өтилди.
Атап өтилген илажлар бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, кеңес ағзаларынан ибарат арнаўлы топар шөлкемлестирилип, факультетлер кесиминде тийисли үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыўға келисип алынды.
Мәжилисте билдирилген пикир-усыныслар тийкарында қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги