Билимлендириў: Изленгенге имкан көп, ямаса пресс-турда туўылған ойлар

Усы жылдың 14-март күни Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигинде өткерилген баспасөз конференциясында ғалаба хабар қураллары тәрепинен сырт ел ҳәм жергиликли грант жойбарларына қатнасып жеңимпаз болып атырған билимлендириў мәкемелерин барып көриў усыныс етилген еди. Бул усыныс министр Г.Кожабаева тәрепинен мақулланып, ғалаба хабар қураллары ушын «Сырт ел ҳәм жергиликли грант жойбарларына қатнасып жеңимпаз болған мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине пресс-тур» шөлкемлестирилди.
Илажға республикамызда жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты.
Дәслеп қатнасыўшылар Мәҳәллени раўажландырыўдың кластер жойбары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў Бағдарламасы менен биргеликте, Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК фонды тәрепинен қаржыландырылып атырған «Аўыллық аймақларды турақлы раўажландырыў» жойбары тийкарында, Нөкис районының бир қатар билимлендириў мәкемелеринде алып барылып атырған жумыслардың барысы менен танысты.
Атап айтқанда, журналистлер ҳәм блогерлер жойбар шеңберинде Саманбай аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 17-санлы улыўма орта билим бериў мектеби, 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде әмелге асырылған жумыслар ҳәм Тақыркөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қуўлыкөл» аўылында Ислам раўажландырыў банки ҳәм ОПЕК фонды қаржылары есабынан қурылып атырған заманагөй жаңа 120 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминдеги қурылыс жумысларының барысы менен жақыннан танысып, усы билимлендириў дәргайлары басшылары ҳәм хызметкерлери менен сәўбетлести.
-Мектебимизге буннан алдын ақырғы мәрте 2012-жылы компьютерлер алып келинип, олар өзиниң жарамлылық мүддетин өтеп болған еди,- дейди мектеп директоры Мақсет Бегдуллаев.- Мәҳәллени раўажландырыўдың кластер жойбары шеңберинде, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў Бағдарламасының 127 миллион 379 мың 940,8 сумлық қаржылары тийкарында, мектебимизге интерактив панель ҳәм 16 заманагөй компьютерлер алып келинип орнатылды. Ҳәзирги ўақытта оқыўшыларымыз усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, олардың заманагөй технологиялар менен ислеў көнликпелери раўажландырылмақта.
Ал, 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болса, суўдан нәтийжели пайдаланыў ҳәм аймақта экологиялық турақлылықты тәмийинлеў жолында әҳмийетли қәдем тасланбақта. Соның ишинде, бул шөлкем Япония мәмлекетиниң алдынғы технологияларына тийкарланған «Johkasou» типиндеги ақаба суўды орайластырылмаған тазалаў системасын өз аймағында орнатыў бойынша жойбар усынысы менен қатнасып, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў Бағдарламасының 22 мың долларлық қаржысын жеңип алыўға еристи.
Нәтийжеде шөлкем жанында улыўма тазалаў қуўатлылығы суткасына 10 метр кубты қурайтуғын «Johkasou» типиндеги ақаба суўды орайластырылмаған тазалаў системасы қурып берилди.
-Бизлер буннан алдынғы жыллары аймағымызда орайластырылмаған канализация тармақларының болмаўы себепли, ақаба суўларды тазалаў ушын арнаўлы автомашиналар жаллап, буның ушын қосымша шығындар болатуғын едик,-дейди шөлкем директоры Нигархан Жамалова.-Японияның жаңа системасы қурылыўы менен енди бақшамыз канализациясынан ағып шыққан ақаба суўлар техникалық суўға айландырылып, оннан аймағымызды суўландырыў ҳәм санитариялық мақсетлерде пайдаланып атырмыз. Сондай-ақ, үскене тәрепинен биофильтрленген ҳәр қыйлы шығындылар, минерал төгинге айланып, оларды ыссыханаларда қолланбақтамыз.
Соны айтып өтиўимиз керек, «Johkasou» системасы Японияда кеңнен қолланылып, олар экологиялық қәўипсиз, нәтийжели тазалаў имканиятлары менен белгили. Система биофильтрлеў, аэрация ҳәм қайта пайдаланыўға таяр жағдайға келтириў функцияларын өз ишине алады.
Тақыркөл аўыл пуқаралар жыйынындағы «Қуўлыкөл» аўылы болса, районның ең шетки аймақларының бири болып, аўыл турғынлары балалар бақшасына мүтәж еди.
Сонлықтан Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК фонды тәрепинен қаржыландырылып атырған «Аўыллық аймақларды турақлы раўажландырыў» жойбары тийкарында, аймақта заманагөй жаңа 120 орынлық Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң қурылысы басланды.
– Бул жойбар балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине қамтып алыўды кеңейтиў ҳәм оларға сапалы тәлим-тәрбия орталығын жаратыў мақсетинде шөлкемлестирилген,-дейди Нөкис районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң баслығы Мурат Тажетов.-Жойбардың улыўма баҳасы 5 миллиард 40 миллион сум болып, қурылыс жумыслары «Қызкеткен Қурылыс» ЖШЖ тәрепинен алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытта объектте пардозлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Несип етсе, қурылыс жумысларын келеси айда жуўмақлап, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырыў белгиленген.
Буннан соң пресс-тур қатнасыўшылары Нөкис қаласындағы 2-санлы Айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын улыўма билим бериў мектеби ҳәм 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебине барып, соңғы жыллары мектеп ҳәкимшилиги ҳәм педагоглары тәрепинен алып барылып атырған жаңа жойбарлар менен танысты.



-Мектебимиз көп жыллардан берли, сырт еллерден қаржыландырылатуғын ҳәр қыйлы жойбарларда қатнасып келмекте,-дейди мектеп директоры Бағдагүл Юсупова.-Атап айтқанда, 2014-жылы Японияның елимиздеги елшиханасы тәрепинен өткерилген жойбар таңлаўында жеңимпаз болып, мектебимизди жаңа парта ҳәм отырғышлар менен тәмийинлеген болсақ, буннан соң Германия Бирге ислесиў Шөлкеми тәрепинен қаржыландырылып атырған TexVet (Өзбекстанда кәсип өнер билимлендириўин енгизиў ҳәм модернизациялаў) жойбарына белсене қатнаспақта. Жойбар шеңберинде мектепке 8 дана «BAOYU» маркалы заманагөй тигиў машиналары, 2 дана оверлок машинасы, утюг ҳәм утюглеў столы алып келинип, оқыўшылардың әмелий сабақлары ушын өз алдына таярланған бөлмеге орнатылды. Бул жойбар мектеп оқыўшыларының ерте жастан өз қызығыўшылықлары ҳәм потенциалына сәйкес кәсиплерди таңлаўына жәрдем береди, сондай-ақ, базар экономикасына сәйкес бәсекиге шыдамлы қәнигелер таярлаўға хызмет етпекте.
Ҳақыйқатында да, пайтахтымыздағы ең ески мектеплердиң бири болған бул оқыў дәргайы басшылары мәмлекетимизде билимлендириў тараўына жаратылып берилген имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, оқыўшыларға теориялық билим бериў менен бирге, оларды кәсипке бағдарлап келмекте.
Ал, Нөкис қаласындағы 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң инглис тили пәни муғаллими Венера Арзымбетова болса, өткен жылы «Fulbright Teacher Exchanges» бағдарламасы шеңберинде, 3000 АҚШ доллары муғдарындағы грантты жеңип алып, бул қаржы 9-12 жас аралығындағы оқыўшылар ушын заманагөй робототехника дөгерегин шөлкемлестирди ҳәм оларға заманагөй IT тараўын үйретип келмекте.
-Дөгерек шеңберинде балалар LEGO конструкторлары, микроконтроллерлер (Arduino ҳәм Raspberry Pi) ҳәм визуал программаластырыў қураллары жәрдеминде өз роботларын жаратып, оларды программаластырыўды үйренбекте,-дейди мектеп директоры Венера Арзымбетова.
Қулласы, өткерилген илаж шеңберинде журналист ҳәм блогерлер министрлик басшылары менен биргеликте Нөкис районы ҳәм пайтахтымызда жайласқан билимлендириў шөлкемлериндеги жумыслар менен танысып, оларда жаратылған имканият ҳәм мүмкиншиликлерден кеўиллери толып, тараў пидайыларына өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.
Биз пресс-тур жуўмағында, барлық тараўлар сыяқлы, билимлендириў тараўында да өз үстинде изленген басшыға имканиятлар көп екенлигин аңладық. Оннан нәтийжели пайдаланыў, шөлкем басшыларының билим потенциалы ҳәм шөлкемлестириўшилик қәбилетине байланыслы.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы