Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳилола Умарова басшылығындағы делегация Саудия Арабстаны пайтахты Ар-Риёд қаласында болып өткен “Human Capability Initiative 2025” халықаралық форумында қатнасты.
Мийрасхор шахзада, Бас министр Муҳаммад бин Салмон бин Абдулазиз Ол Саудтың басламасы менен шөлкемлестирилген әнжуман инсан факторы, билимлендириў, экономика, технологияны раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерды додалаў ушын қолайлы майдан болып есапланады. Ири мәмлекетлер, абырайлы халықаралық шөлкемлер, бизнес ҳәм илимий топарлардың ўәкиллери арасында Өзбекстан Орайлық Азиядан бирден-бир мәмлекет сыпатында көрингени республикамызда жүз берип атырған реформаларға халықаралық дәрежеде берилип атырған жоқары баҳадан дәрек береди.
Форум шеңберинде делегациямыз Ислам раўажланыў банки баслығы Муҳаммад Ал-Жассар менен ушырасып, 40 миллион долларлық грант келисимине еристи. Сондай-ақ, “Global Partnership for Education” (GPE) халықаралық шөлкеми менен де тийисли ҳүжжетке қол қойылды.
Сырт ел қаржысы пүткил республика бойлап 58 заманагөй мектеп қурыў, оқыў мәкемелерин заманагөй әсбап-үскене менен үскенелеў, педагоглардың маманлығын арттырыў, инклюзив ҳәм мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў ҳәм оқыў бағдарламасын жетилистириўден ибарат кең көлемли жойбарларға бағдарланады.
Азиза Алимова, ӨзА