Атайы дийқанға қосымша жер ажыратылды

Президентимиздиң басламасы менен елимиз бойлап әмелге асырылып атырған қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларын арттырыўға қаратылған жумысларды және де жеделлестириў мақсетинде орынларда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Қанлыкөл районындағы Арзымбетқум аўыл пуқаралар жыйыны турғыны С.Өтепбергеновтың шаңарағы қулпынай жетистириў менен шуғылланып келмекте.
Район ҳәкими Б.Султанов усы шаңарақта болып, қулпынай өсимлигин жетистириў оны және де кеңейтиў жумыслары менен танысты.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2024-жыл 30-декабрьдеги “Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында атыз шетлерине, каналлар, коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларға экспортқа қолайлы егинлерди егиў әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленди.
Сондай-ақ, халыққа тийисли қыйтақ жерлерде, хожалықлардың ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың алдыларында, мәҳәллелердиң ишки көшелеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм көбейтиў арқалы мәмлекеттиң экспорт көрсеткишлерин арттырыў мақсетинде ўазыйпалар да белгиленди.
Үй қапталы участкасында 3 гектар жер майданға жетерли қулпынай нәли жетистирилген.
Район ҳәкимлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен С.Өтепбергеновқа тәжирийбе сынаў усылында аймақтағы «Дәрьябай қақсабын» фемер хожалығынан және қосымша 3 гектар жер ажыратылды.

Ҳәзирги ўақытта бул жер майданы нәл отырғызыўға таярланбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги