«Қазыят кубоги»ниң жеңимпазлары анықланды

Пайтахтымызда жайласқан Нөкис «Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний» орта арнаўлы ислам билимлендириў орнының жазғы спорт майданшасында мини-футбол бойынша «Қазыят кубоги» жарысының финал басқышы болып өтти.
Жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан диний тараўда оқыўшы ҳәм ислеўши хызметкерлерден дүзилген ҳәўескер командалар қатнасты.
Кубок ушын өткен қызғын беллесиўлер жуўмағында, Нөкис қаласы «Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний» орта арнаўлы ислам билимлендириў орнынының «Дослық» командасы биринши орынды жеңип алып, «Қазыят кубоги»ниң ийесине айланды.
Ал, жарысқа белсене қатнасқан Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларында жасаўшы диний хызметкерлерден дүзилген «Дәўқара» командасы екинши, Нөкис қаласы диний хызметкерлеринен дүзилген «Арал» командасы үшинши орын жеңимпазы болды.
Жарыс жуўмағында Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары Р.Нуразизов ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовлар жарыс қатнасыўшыларын жеңислери менен қутлықлап, алдағы ўақыттағы жумысларында табыслар тиледи ҳәм жеңимпаз командалар менен жақсы ойын көрсеткен футболшыларға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм «Вақф» қайырқомлық жәмәәтлик фонды тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.




Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы