Егиске таярлық мәселелери додаланды

Қанлыкөл районы ҳәкимлигинде тараў хызметкерлериниң қатнасыўында районда аўыл хожалығы тараўында бәҳәрги егис жумысларына арналған оператив мәжилис өткерилди.
Район ҳәкими Б.Султанов ҳәм республикадан бириктирилген ўәкиллер шигит егисиниң барысы ҳәм оның агротехникасына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, районда усы жылдың зүрәәти ушын 139 фермер хожалығында 5700 гектар майданға шигит егиў нәзерде тутылған. Бул ушын 6 шақапша, 8 аймаққа 10 егис отряды дүзилип олардың қурамына жоқары өнимдарлы сүрим ҳәм транспорт тракторлары, егиў агрегатлары ҳәм аўыл хожалығы техникаларына сервис хызметин көрсетиўши техникалар бириктирилген.
Илажда буннан басқа да жерлерди ўақтында сүриў, егистиң сапасына айрықша итибар қаратыў илажлары белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги