Жаслар билим, күш-ғайрат ҳәм мәртлик көрсетти

Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде “Ватанпарварлар” жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди. Оған республикамыздың 17 қала ҳәм районларынан ең сайланды командалар қатнасып, саламат бәсеки орталығында күш сынасыў, билимин, қәбилетин ҳәм күш-ғайратын көрсетиў имканиятына ийе болды.
Өзбекстан Республикасы Қорғаныў, Ишки ислер ҳәм Айрықша жағдайлар министрликлери, Жаслар ислери агентлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Жаслар аўқамы орайлық кеңеси, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, “Ватанпарвар” шөлкеми орайлық кеңеси ҳәм басқа да мәмлекетлик жәмийетлик шөлкемлердиң 2024-жылғы биргеликтеги қарарына муўапық, мәмлекетимиздеги барлық улыўма орта билим бериў мектеплериндеги “Ўатан таянышы” отрядларына ағза болған питкериўши класс оқыўшылары арасында Қорғаныў министриниң кубоги ушын өткерилип атырған “Ватанпарварлар” әскерий-спорт жарысы жасларда әскерий хызметке қызығыўшылық оятып, оларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға үлес қоспақта.
Оқыўшылардағы толқынланыў, жеңиске болған исеними, беллесиўдиң ҳәр бир шәртинде айқын көзге тасланды.
Ҳәр бир команда ағзалары өзине тән әскерий кийимлерде мақтанышлы сап тартып, күшли бәсеки ушын өзлерин руўхый жақтан таярлады. Қатаң тәртип-интизам ҳәм жеңиске болған күшли умтылыс беллесиўдиң ҳәр бир секундын сезимге, күш-ғайратқа толтырды.
Жарыстың ашылыў мәресиминде Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардалығы, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық кеңеси ҳәм “Ватанпарвар” шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң ағзалары ҳәм басқа да мәмлекетлик, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, шақырыўға шекемги жасларды таярлаў пәни муғаллимлери ҳәм оқыўшылар қатнасты.
Шығып сөйлегенлер жарыс қатнасыўшыларына жақсы тилеклерин билдирди.
Оқыўшы-жасларды әскерий-әмелий спорт жарысларына кеңнен тартыў арқалы олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, өз-ара мәдений-спорт байланысларын жолға қойыў ҳәм жасларды спорт ойынларына кеңнен тартыў, саламат турмыс тәризине әдетлениўге үйретиў, руўхый ҳәм физикалық жақтан саламат, бәркамал әўладты тәрбиялаўға қаратылған бул жарыс бес жыл ишинде жаслар арасында мыңлаған ықласбентлерин жыйнап үлгерди.
2021-жылғы “Ватанпарварлар” әскерий-спорт жарысларының финал басқышының жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасының абырайын қорғаған Кегейли районының жаслары сыйлы биринши орынды ийелеп, Қорғаныў министри кубогин бириншилерден болып қолға киргизгенин атап өтиў орынлы.
Ал, 2024-жылы Қарақалпақстан Республикасының шетки аймақларынан бири – Қанлыкөл районындағы мектептиң “Лашын” командасы жарыстың финал басқышында минбердиң ең жоқары текшесинен орын алып, Қорғаныў министри кубогин екинши мәрте жеңип алды.
Жарыс нызамшылығына бола беллесиўде ҳәр бир командадан 7 ул ҳәм 3 қыздың қатнасыўына рухсат берилген. Әскерий-спорт жарысының “Мергенлер беллесиўи” деп аталған 1-шәрти бойынша жаслар спорт мылтығынан қадағалаў атыў шынығыўы арқалы мергенлик шеберлигин көрсетти. 5 ул бала қатнасқан “Турникте тартылыў” шәртинде 4 минут ўақыт ишинде күшлерин сынап көрип, ең көп нәтийже жазыўы керек еди.
“Әскерийлестирилген эстафета” деп аталған 3-шәртте қатнасыўшылар автоматты толық болмаған бөлеклерге ажыратыўы ҳәм жыйнаўы, газге қарсы нықапты кийиўи ҳәм оқ-дәри қутысын көтерип жуўырыўы керек еди. Бул шәртте командадан 4 қатнасыўшы қатнасты.
Жарыстың “Жәбирлениўшиге биринши жәрдем көрсетиў” деп аталған 4-шәртинде еки қатнасыўшы 50 метр аралыққа зәмберди көтерген ҳалда жуўырады ҳәм финиште жатқан шәртли жәбирлениўшиге биринши тез медициналық жәрдем көрсетеди. Буннан соң жәбирлениўшини зәмберге көтерип, финишке қарай жуўырылады.
“Сапта қосық айтыў” деп аталған кейинги шәртте командалар сапта қәдем таслап, әскерий қосықларды жанлы атқарыўы белгиленген. Онда сап элементлерин реже қағыйдалары тийкарында орынлаўы, сапта жүриўи, қосық айтыўы, кийим-кеншеклери ушын ҳәр бир команда баҳаланды.
“Билимданлар” деп аталған шәртте оқыўшылар электрон программа арқалы Жалаладдин Мангуберди, Әмир Темур, Заҳриддин Муҳаммед Бабурдың әскерий хызмети, Орайлық Азия мәмлекетшилиги тарийхы ҳәм Өзбекстан тарийхы бойынша 15 тен 30 ға шекемги тест сораўларына жуўап бериўи ҳәм олардың ҳәр бири ушын қосымша балл алыўы мүмкин болды.
“Ўатан гимни” көркем-ҳәўескерлик таңлаўында командалардың көркем өнер шеберлиги сынақтан өткериледи. Онда кеминде 5 қурамда қатнасқан қатнасыўшылар командалық ҳәм жеке тәртипте ўатан сүйиўшилик руўхындағы миллий қосықларды айтып, өзлериниң шеберликлерин көрсетти.
“Арқаға жатқан жағдайдан денени көтериў,” яғный қарын булшық етлерине (пресс) шынығыўларды орынлаў шәртинде де барлық қатнасыўшылар саламат турмыс тәризин таңлап, спорт пенен таныс екенлигин көрсете алды.
“Арқан тартысыў” беллесиўинде жаслар командада бир жағадан бас шығарып биргеликте ислеўин көрсетип, бәсекилести.
Быйылғы жарыс режесине киргизилген жаңа шәртлерден бири, яғный “Смарт сардор” ойлап табыўшылық таңлаўында қатнасыўшылар өзлери ойлап тапқан робототехника ямаса басқа да заманагөй жойбарларды усыныўы киргизилген. Таңлаўдың тийкарғы мақсети сыпатында жас әўладта жоқары технологиялар тараўына қызығыўшылық оятыў, олардың потенциалын жүзеге шығарыўға жәрдемлесиўден ибарат.
Жарыстың ҳәр бир шәртинде қатнасыўшылардың ис-ҳәрекетлери ўақыт өлшеми менен әдил баҳалаў механизми тийкарында баҳаланып барылды.



Еслетип өтемиз, Қарақалпақстан Республикасындағы 710 мектеп ҳәм 20 қәнигелестирилген мектеплерде 723 “Ўатан таянышы” отрядлары жумыс алып барып, оларда 8293 ул бала ҳәм 3939 қыз бала, жәми 12 232 ағза бар.
Жарыстың жабылыў мәресиминде шығып сөйлегенлер бүгинги күнде мәмлекетимиз жасларына қаратылып атырған итибарды, оларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдағы жетискенликлерди атап өтип, әскерий округ аймағында мине усындай илажларды өткериў ушын барлық шараятлар буннан былай да жаратып берилетуғынын атап өтти.
Жарыс шәртлери бойынша айрықша көрсеткишлерге ерискен оқыўшы-жаслар ҳәм командалар сыйлықланды. Оған бола “Ең күшли спортшы,” “Ең жақсы мерген,” “Ең жақсы билимдан,” “Ең жақсы атқарыўшы” ҳәм “Ең жақсы ойлап табыўшы” сыяқлы бир қатар номинациялар бойынша жаслар жеке тәртипте ҳәм командалық тәртипте сыйлықланды.
Барлық шәртлер бойынша жоқары нәтийже көрсеткен Қанлыкөл районындағы 2-санлы мектептиң “Лашын” командасы биринши орынды ийеледи.
Кегейли районындағы 41-санлы мектептиң “Лашын” командасы екинши, Тахтакөпир районындағы 2-санлы мектептиң “Бүркитлер” командасы үшинши орынды ийеледи.
Сыйлықлаў мәресиминде жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок, медаль, дипломлар, ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
“Ең күшли спортшы,” “Ең жақсы мерген,” “Ең билимли қатнасыўшы,” “Ең жақсы атқарыўшы,” “Ең жақсы ойлап табыўшы” сыяқлы айрықша номинациялар бойынша да жеңимпазлар сыйлықланды.





Жарыста жеңимпаз болған Қанлыкөл районы командасы жарыстың финал басқышына жоллама алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги