Мәденият ҳəм көркем өнер адамларды жақсылыққа бағдарлайды

330

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәденият ҳəм көркем өнер хызметкерлери күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам кешеси болып өтти.

Байрам илажында «Түрксой» халықаралық түркий мәденият шөлкеминиң бас хаткери Султанбай Раев, дүньяға белгили франциялы дирижёр Натали Марэн ҳәм басқа да мийманлар қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға, тараў хызметкерлерине қолайлы шараятлар жаратыўға ҳәм олардың хызметлерин мүнәсип баҳалаўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.

Ҳақыйқатында да, әзелден кѳркем ѳнер ҳәм мәденият инсанларды бәрқулла жақсылыққа, ийгиликли ислерге баслап келген. Өйткени, жәмийеттиң раўажланыўында, көп миллетли халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда, әсиресе, елимизди дүньяға танытыўда мәденият ҳәм кѳркем ѳнердиң тутқан орны айрықша есапланады.

Өткерилген салтанатлы илаж даўамында бүгинги байрам мүнəсибети менен елимиз мәдениятын дүньяға танытыўда қосқан үлеси ушын «Түрксой» халықаралық түркий мәденият шөлкеминиң хызметкерлери, елимиздиң бир қатар тараў пидайыларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен хошаметлеў сыйлықлары тапсырылды.

Сондай-ақ,Түркий халықлар мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыўдағы хызметлери ушын Қарақалпақстан Республикасы мәденият министри Бегисбай Темирбаев ҳәм «Айқулаш» қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансмаблиниң қосықшысы Гүлхатийша Айымбетова «Түрксой» халықаралық түркий мәденият шөлкеминиң медалы, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрының режисёри Султанбек Қаллибеков ҳәм театр актёрлары Расул Тилемисов ҳәм Гүлчеҳра Жафаровалар миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

-Мениң азы-кем ислеген мийнетимди баҳалағаны ушын тараўымыз ҳәм республикамыз басшыларына үлкен рахмет айтаман,-дейди «Ўатан пидайысы»  көкирек белгисиниң ийеси Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының актёры Алишер Акимов.-Бул хошамет бизлердей жас дөретиўшилерди жаңаша ислеў ҳәм излениўге умтылдырады. Алдағы ўақытлары өзлеримизге билдирилген исенимди толық ақлап, жаңа дөртепелеримизди халқымызға усына беремиз.

Байрам көтериңки руўхта даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги