Сенатта Латвияның «Марта» орайының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти

166

Олий Мажлис Сенатының Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы Оразгул Козихонова Латвияның «Марта» орайының басшысы Илута Лаце менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў барысында гендер зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларды қоллап-қуўталаў, олардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиўге қаратылған нәтийжели механизмлерди жаратыў мәселелери додаланды.


Сондай-ақ, бул бағдарда жумыс алып барып атырған МКШ ҳәм мәпдар шөлкемлер ушын халықаралық стандартларға тийкарланған жумыс методологиясын ислеп шығыў, бул методологияны әмелге асырыў ҳәм қәнигелер таярлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық көрсетиўдиң алдын алыў, бул тараўда бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары ҳәм келешекте әмелге асырылыўы мүмкин болған биргеликтеги жойбарлар бойынша да пикир алысылды.

Илута Лаце Өзбекстандағы демократиялық реформалар процесин жоқары баҳалап, парламенттиң жәмийетти реформалаўдағы роли артып атырғанын айрықша атап өтти. Соның менен бирге, ол инсан ҳуқықлары ҳәм гендер теңлик тараўындағы улыўмалық мақсетлерге ерисиўде «Марта» орайы Өзбекстанның тийисли шөлкемлери менен бирге ислесиўди буннан былай да күшейтиў зәрүрлигин атап өтти.

ӨзА