Балаларға мийўели саўға

176

“Юксалиш” ҳәрекетиниң басламасы менен 2019-жылдан берли елимиз бойлап “Бир миллион терек” улыўма миллий акциясы өткерип келинбекте. Акцияның мақсети — тоғайларды кесиў ҳәм климат өзгериўи тәсирине қарсы гүресиў, адамларды бирлестириў арқалы тереклерди көбейтиў ҳәм өсириў мәселелерине итибарды тартыўдан ибарат. Бул жойбар жылына еки мәрте гүзги ҳәм бәҳәрги мәўсимлерде өткерилип барылмақта.

“Юксалиш” ҳәрекети тәрепинен “Huawei” компаниясының жәрдеми менен усы жыл 14-апрель күни Мойнақ районындағы Бозатаў АПЖның “Шағырлы” аўылында жайласқан 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм  “Ақ кеме” балалар жазғы дем алыў орайы әтирапына республикамызда өтип атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары, “Бир миллион терек” акциясы шеңберинде алма, ерик, шабдал, алмурт, қәрели сыяқлы мийўели тереклерди егиӯ жумыслары алып барылды.

Илажда район ҳәкими Б.Менглибеков, «Юксалиш» ҳəрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романовлар ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бул илаждың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Быйыл акция шеңберинде социаллық объектлерге де итибар қаратылмақта. Усы жерде “Huawei” компаниясы бир неше жылдан берли жасыл аймақларды кеңейтиўде “Юксалиш” пенен бирге ислесип киятырғанын атап өтиў зәрүр.

– Мийўели нәллерди отырғызыў ушын мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ҳәм балалар дем алыў орайы аймағын таңлағанымыз бийкарға емес. Себеби, бул нәрсе тек ғана экологиялық емес, ал тәрбиялық әҳмийетке де ийе. Балалар бир теректи егип, мийўе бергенге шекем инсаннан күш ҳәм мийнет талап ететуғынына гүўа болады ҳәм бул оларда тәбиятқа абайлы болыў көнликпелерин қәлиплестиреди, деген үмиттемиз. “Юксалиш” ҳәрекети ҳәр жылы усындай басламаларды әмелге асырып, жасыл аймақларды кеңейтиўге үлес қосыўда даўам етеди,-дейди “Юксалиш” ҳәрекети баслығының орынбасары Ж.Тураханов.

“Юксалиш” ҳәрекетиниң “Huawei” компаниясы менен бирге ислесиўи нәтийжесинде соңғы жылларда Ташкенттеги Жазыўшылар қыябаны, Республикалық балалар социаллық бейимлесиў орайы, пайтахттағы 20 дан аслам мектепте, Дослық бағы, Ташкент ўәлаяты Бостанлық районы, Балалар миллий медицина орайы, Ташкент Халықаралық билимлендириў университетинде тереклер егилди.


– Технологиялық компания сыпатында, биз энергетикалық жақтан нәтийжели инновацияларды қолланыў – турақлы келешек жаратыўдың тийкарғы принципи, деп есаплаймыз. Биз турақлы түрде углеродсыз экономикаға өтиўдиң оптимал усылларын үйренип, изертлеўлер ҳәм раўажланыўға инвестиция киргиземиз. Жасыл технологияларды енгизиўден тысқары, климат өзгерислериниң ақыбетлерине қарсы гүресиўде шериклер ҳәм жәмийетшилик пенен бирге ислесиўдиң әҳмийетин жақсы түсинемиз.

Сонлықтан, “Жасыл Өзбекстан” басламамызды даўам еттирип, 2020-жылдан баслап экологиялық жағдайды жақсылаўға өз үлесимизди қосыўға ҳәрекет етип атырмыз,-дейди “Huawei” компаниясының жәмийетлик байланыслар бойынша менеджери А.Набиева.

“Юксалиш” ҳәрекети тәрепинен әмелге асырылып атырған “Бир миллион терек” акциясы аймақларды көклемзарластырыўға үлес қосып ғана қалмастан, жәмийетте экологиялық сана-сезим ҳәм тәбиятқа абайлы қатнас сыяқлы қәдириятларды қәлиплестиреди. Ҳәр қыйлы әўлад ўәкиллери, әсиресе, өсип киятырған жасларды тартыў арқалы бул баслама турақлы келешек ушын беккем тийкар болады.

Нәл отырғызыў жумысларында “Юксалиш” ҳәрекети, “Huawei” компаниясы, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, волонтёрлар, Мойнақ районы ҳәкимшилиги, белсенди пуқаралар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери белсене қатнасты.

Егилген нәллердиң кейинги өсип раўажланыўына  қараў жумысларын  Мойнақ районы, Бозатаў АПЖ “Шағырлы” аўылында жайласқан 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси админстрациясы өз жуўапкершилигине алды.

“Юксалиш” тәрепинен әмелге асырылып атырған бул акция ҳәр қандай әўлад ўәкиллери, әсиресе, өсип киятырған жасларды тартыў арқалы турақлы келешек ушын беккем тийкар жаратады.

Мағлыўмат ушын, “Юксалиш” ҳәрекети тәрепинен қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбиятқа абайлы қатнаста болыў идеяларын үгит-нәсиятлаў мақсетинде 2019-жылдан берли мәмлекеттиң түрли аймақларында 4 миллионнан аслам мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери ҳәм путалар егиўге ерисилген.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги