Тәжикстанда жер силкиниўде 94 жай бүлинди

Тәжикстанның шығысында екшемби күни избе-из жүз берген жер силкиниў нәтийжесинде тоқсан төрт жай бүлинди, деп хабар тарқатты республика ҳүкимети жанындағы Айрықша жағдайлар ҳәм пуқаралық қорғаныў комитетиниң Кризисти басқарыў бойынша орайы.
Буннан алдын Рашт ўәлаятында жер силкиниўи ақыбетинде үш жасар бала қайтыс болғаны ҳаққында хабар берилген.
Мағлыўматқа қарағанда, 200 ден аслам жәрдемши имарат, соның ишинде, медицина комплекси, шайханалар бүлинген ҳәм зыян көрген.
Миллий илимлер академиясы Геофизика хызметиниң есабатында 2025-жыл 13-апрель күни саат 09:24 те мәмлекетте күшли жер силкиниў болды. 5-6 баллық магнитудалы жер силкиниў ошағы Душанбе қаласынан 160 километр арқа-шығыста екени анықланды. Сол күни тәбийғый апатшылық үш мәрте қайталанғаны сезилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги