Өзбекстан Сенаты ҳәм Европа парламенти арасындағы парламентлераралық сөйлесиў тереңлестириледи

Олий Мажлис Сенатына Европарламенттиң Орайлық Азия мәмлекетлери менен байланыслар бойынша делегациясының баслығы Томаш Здеховский басшылығындағы Европа парламенти делегациясы келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.
Сиясий сөйлесиўдиң жоқары дәрежеси ҳәм парламентлераралық байланыслардың кеңейип барыўы динамикасы атап өтилди.
Өткен ҳәптеде Ташкент қаласында болып өткен Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей ассамблеясының жуўмақларына айрықша итибар қаратылды. Онда Европаның 18 мәмлекетинен делегациялар қатнасқаны атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң халықаралық көлемде кең түрде атап өтилип атырған шығып сөйлеген сөзи жоқары баҳаланды.
Сондай-ақ, 4-5-апрель күнлери Самарқанд қаласында болып өткен «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммитиниң жуўмақлары да көрип шығылды.
Ерисилген келисимлер, соның ишинде, Ташкент қаласында Европа инвестиция банкиниң регионаллық ўәкилханасын ашыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер Олий Мажлис Сенаты ҳәм Европа парламенти арасындағы парламентлераралық сөйлесиўди және де тереңлестириўден мәпдар екенлигин тастыйықлады.
***
Сенатта «Өзбекстан – Европа Аўқамы» парламент бирге ислесиўи комитетиниң 18-мәжилиси де өткерилди. Онда бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўге қаратылған тийкарғы бағдарлар додаланды.
Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлескени атап өтилди. 2025-жыл 4-5-апрель күнлери Самарқанд қаласында өткерилген «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити оның айқын көриниси болды. Саммит нәтийжелери еки регион арасындағы қатнасықларды жаңа, стратегиялық дәрежеге алып шыққаны менен айрықша әҳмийетке ийе.
Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, өз-ара инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм билимлендириў тараўындағы «Erasmus+» бағдарламасы арқалы өзбекстанлы жаслардың Европа мәмлекетлеринде оқыў имканиятларын кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Европа Аўқамы мәмлекетлериниң кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўдеги тәжирийбесин үйрениў, мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеўде бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.
Мәжилисте экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, атап айтқанда, Аралбойы регионында экологиялық кризис ақыбетлерин жумсартыў бойынша бирге ислесиў перспективалары додаланды. Суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, регионаллық экологиялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша биргеликтеги басламалар билдирилди.
Европа Аўқамының ўәкиллери Өзбекстанда инсан ҳуқықларын қорғаў, нызам үстинлиги, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий турмыстағы қатнасын кеңейтиўге қаратылған реформаларды жоқары баҳалады.
Мәжилис соңында «Өзбекстан – Европа Аўқамы» парламент бирге ислесиўи комитетиниң гезектеги мәжилисин 2026-жылдың биринши ярымында өткериўге келисип алынды.
Н.Абдураимова, ӨзА