Илим ҳәм инновациялар бағдарындағы нәтийжели бирге ислесиў

210

Соңғы жыллары елимизде барлық тараўлар сыяқлы жоқары билимлендириў тараўында да мәмлекетимизде ҳәм сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиў бағдарында көплеген унамлы жумыслар алып бармақта. Соның ишинде, республикамыздағы ең ири жоқары оқыў есапланған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәрепинен де бул бойынша бир қатар унамлы ислер әмелге асырылып киятыр.

14-апрель күни Наманган мәмлекетлик техника университети делегациясы, химия илимлериниң докторы, профессор Ойбек Каримович Эргашев басшылығындағы профессор-оқытыўшылар ҳәм қәбилетли студентлер Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болды.

Наманганлы мийманлар университет  ректораты тәрепинен күтип алынды.

Ушырасыў даўамында еки жоқары билимлендириў мәкемеси арасында илимий-изертлеўлер, инновациялық жойбарлар, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң академиялық мобиллигин жолға қойыў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети басшылары Наманган мәмлекетлик техника университети делегациясының хызмет сапары ҳәм баслап атырған ийгиликли басламаларын қоллап-қуўатлайтуғынлығын атап өтип, бундай ушырасыўлар еки аймақ арасындағы илимий ҳәм мәдений байланысларды беккемлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет ететуғынлығына тоқталды.

Соның ишинде, бүгинги күни еки жоқары оқыў орны арасында билимлендириў, илим ҳәм экология тараўларындағы бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилмекте. Бул бағдардағы басламалардан бири – Қарақалпақ мәмлекетлик университети аймағында қурылған «Илим-ағартыўшылық бағы»  болып, бул бағ Наманган мәмлекетлик техника университетиниң басламасы жаратылды.

Бағда 100 түптен аслам саяманлы терек нәллери ҳәм 500 түптен аслам түрли гүллер егилди. Әҳмийетли тәрепи сонда, бул гүллер ҳәм нәллер Наманган мәмлекетлик техника университетиниң лабораториясы ҳәм инновациялық ыссыханасында жетистирилип, жумыс процесинде наманганлы илимпазлар тәрепинен ислеп шығылған гидрогель технологиясынан пайдаланылды. Бул технология суўды үнемлеў ҳәм өсимликлерди нәтийжели тәрбиялаўда жоқары нәтийже берип, бағды тек ғана сулыў емес, ал экологиялық жақтан да гөззал мәканға айландырады.




Жаңа бағдың ашылыў мәресиминде еки университеттиң басшылары, профессор-оқытыўшылар, студентлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда шығып сөйлеўшилер тәрепинен бул бағдың жаратылыўы – билимлендириў, илим ҳәм экологиялық мәденияттың өз-ара байланыслылығын көрсетеди , деп атап өтти.

– «Илим-ағартыўшылық бағы» – бул тек ғана гүллер ҳәм тереклер егилген аймақ емес. Бул – жас әўлад ушын тәрбия орны, жәмийетимизде экологиялық мәдениятты қәлиплестиретуғын оқыў-тәрбия майданы. Бағда ҳәр бир гүл, ҳәр бир терек илимниң, мийнет ҳәм бирге ислесиўдиң тымсалы. Бизди қуўандыратуғын тәрепи – гидрогель технологиясы сыяқлы заманагөй көзқараслар әмелиятта өз орнын таўып атыр. Бундай басламалар арқалы биз тек ғана тәбиятқа емес, ал келешек әўладтың санасына да тәсир көрсетип атырмыз,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры, академик Ахмед Реймов.

Илаж даўамында Наманган мәмлекетлик техника университети Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоратына 64-халықаралық гүллер фестивалында қатнасыў ушын рәсмий мирәтнаманы салтанатлы түрде тапсырды.

Бул усыныс тек ғана дәстүрий дослық байланысларын беккемлеп қоймастан, ал университетлер арасындағы илимий-әмелий бирге ислесиўдиң жаңа басқышын белгилеп береди. Әлбетте, “Илим-ағартыўшылық бағы” сыяқлы басламалар елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге ислесиў, илим жетискенликлериниң әмелиятқа енгизилиўи ҳәм қоршаған орталыққа жуўапкершиликли қатнасты қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

«Илим-ағартыўшылық бағы» тек ғана тәбиятқа итибар емес, ал жас әўлад қәлбинде билим, илим ҳәм дослық қәдриятларын беккемлеў, жасларды ана Ўатанға меҳир, экологиялық мәдениятқа ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди. Наманган техника университети профессор-оқытыўшылары ҳәм қәбилетли студентлериниң бул сапар етиўи еки жоқары оқыў орны арасындағы бирге ислесиў байланысларының жаңа басқышқа көтерилгенинен дәрек береди. Келешекте биргеликтеги илимий жойбарлар, стартаплар ҳәм студентлер алмасыўы бағдарламалары арқалы бирге ислесиў және де раўажланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы