Аўыл хожалығы тараўына бағышланған көргизбели семинар

220

Аўыл хожалығы тараўында жерди қайта ислеў – дийқаншылықтың тийкары болып, келешекте жетистирилетуғын өнимниң мол ҳәм сапалы болыўына тиккелей тәсир етип, жылдың ҳәр бир мәўсиминен үнемли пайдаланыўды талап етеди.

Төрткүл районы “Тазабағжап” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Намунали Мансур” фермер хожалығы атызларында көргизбели семинар болып өтти.

Өткерилген көргизбели семинар әҳмийетли процесслерди қамтып алды.

Онда Төрткүл районы ҳәкими Р.Шамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Тешаев, Өзбекстан Фермерлер кеңеси баслығының биринши орынбасары К.Сабиров, тийисли шөлкемлер ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасты, – деп мағлыўмат береди Төрткүл районы Мәлимлеме хызмети бөлими.

Семинар даўамында ғаўашаның қатар араларын қайта ислеў, азықландырыў, аўыл хожалығы зыянкеслерине қарсы гүресиў бойынша бир қатар мәселелер ҳаққында сөз етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги