«Ўзагросуғурта» АЖ – турақлылық ҳәм исеним белгиси:  Moody’s буны тән алды

189

«Ўзагросуғурта» акционерлик жәмийети, Өзбекстан қамсызландырыў базарының жетекши қатнасыўшыларынан бири сыпатында, дүньядағы ең абырайлы рейтинг агентликлеринен бири – Moody’s Investors Service тәрепинен «Ba3» дәрежесинде узақ мүддетли қаржылай турақлылық рейтингине  ийе болды. Рейтинг прогнозы – «турақлы».

Moody’s тәрепинен жәрияланған есабатта атап өтилиўинше, «ВаЗ» рейтинги компанияның  төмендеги тийкарғы үстинликлерин көрсетеди:

– Өзбекстан қамсызландырыў базарындағы беккем позициясы;

– Капитал базасының исенимлилиги ҳәм  резервлериниң жетерли екенлиги;

– Қамсызландырыў портфелиниң диверсификацияланғанлығы;

– Мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған қоллап-қуўатлаў, бул болса қосымша қаржылай турақлылықты тәмийинлейди.

Бул  жетик компанияның турақлы раўажланып атырғанын және бир мәрте тастыйықлады. «Ўзагросуғурта» АЖ «Ахбор-Рейтинг» агентлиги тәрепинен «uzA++» рейтинигине ийе болып, оған «турақлы» прогнозы  берилген. Сондай-ақ, компания сапа менеджменти системасы бойынша ISO 9001:2015  халықаралық стандартларына муўапықлығын тастыйықлайтуғын сертификатқа да ийе.

Бул жәмийеттиң корпоратив басқарыўдағы ашық-айдынлыққа әмел етип атырғанын, ҳәм   миллий ҳәм халықаралық көлемде исенимли бирге ислесиўши сыпатындағы  статусын беккемлеп атырғанын көрсетеди.

Moody’s Ratings тәрепинен берилген бул халықаралық кредит рейтинги «Ўзагросуғурта» АЖ  тәрепинен усыныс етилип атырған қамсызландырыў хызметлерине сырт ел инвесторлары  ҳәм жергиликли қарыйдарлардың исенимин және де арттырыўға хызмет етеди.

ӨзА