Қылышпазларымыз аэропортта салтанатлы күтип алынды

197

Жақында Қытайдың Уси қаласында қылышласыў бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасындағы жәҳән чемпионаты болып өтип, онда Өзбекстан қызлар ҳәм ерлер сайланды командасы сыйлы 3-орынды ийеледи.

13-апрель күни Нөкис халықаралық аэропортында Жәҳән чемпионатында мүнәсип қатнасқан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиның Дене мәденияты факультети студентлери Г.Пердебаева, А.Жумамуратова, И.Абдазов, М.Аймуратовларды  салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.

Күтип алыў мәресиминде республика ҳүкимети ағзалары, оқыў орны басшылары, спортшының ата-анлары, жанкүйерлери, студент жаслар ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаев, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, академик А.Реймовлар спортшыларымызды қолға киргизген үлкен табысы менен қутлықлап, алдағы оқыўлары ҳәм халықаралық жарысларда буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўинде тилеклеслик билдирди.





-Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында спорт тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бүгинги күни республикамыз жаслары халықаралық жарыслар ҳәм чемпионатларда үлкен табысларды қолға киргизип келмекте. Буның айқын көринисин, грек-рим гүреси бойынша Азия чемпионлығын жеңип алған Жалғасбай Бердимуратов, бокс бойынша жәҳән кубогиниң қола медалы ийеси Данияр Мадияров ҳәм бүгинги қылышпаз қыз-жигитлеримиз мысалында көрсек болады,-дейди жас қылышпаз Гүлистан Пердебаеваның анасы филиология илимлериниң докторы, профессор Тамара Машарипова.-Жасларымыздың ерискен жетискенлигин қоллап-қуўатлаў мақсетинде, Нөкис халықаралық аэропортына күтип алыў ушын келген республикамыз ҳүкимети ағзалары, университет басшылары, спорт жанкүйерлери ҳәм пидайыларына үлкен рахмет айтаман.

Илажда жеңимпаз спортшылар ҳәм олардың тренерлери де шығып сөйлеп, өзлерине көрсетилип атырған усындай ғамқорлық ҳәм итибар ушын, шөлкемлестириўшилерге рахмет айтып, алдағы өткерилетуғын жарысларда да мәмлекетимиз байрағын жоқарыларда желбиретиўге ҳәрекет ететуғынлығын билдирди.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы