БМШтың турақлы координаторы менен ушырасыў өткерилди

244

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев БМШтың Өзбекстан Республикасындағы турақлы координаторы Сабина Махл менен ушырасты.

Ушырасыўда  дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумысларды атап өтти.


Өзбекстан Республикасы Президентиниң айрықша тапсырмасы менен миллий Қара үйди ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасларының дизимине, Қобыз саз әсбабын болса ЮНЕСКОның қорғаў дизимине киргизиў бойынша жумыслар алып барылып атырғанын атап өтиў орынлы. Атап айтқанда, усы әмелий жумыслар шеңберинде Қарақалпақстанның мәдений мийрасын қәстерлеў ҳәм келешек әўладлар ушын сақлап қалыў мақсетинде, ЮНЕСКО халықаралық шөлкеми тәрепинен Қобыз саз әсбабы ҳәм жыраўшылық мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм таярланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги