3400 түп нәл тапсырылды

Мәмлекетимиз бойлап әмелге асырылып атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының көклемзарластырыў басламасы тәбийғый ресурсларды қәстерлеп сақлаў ҳәм экологиялық ҳәр түрлиликти тәмийинлеўге қаратылған болып, бул бағдарда Әмиўдәря районында нәтийжели жумыслар алып барылмақта.
Қоршаған орталықты қорғаў ушын “жасыл белбеўлер”диң жаратылыўы Аралбойы регионына экологиялық турақлылықтың қосымша резервин ҳәм қала агломерацияларының қоршаған орталыққа тәсирин азайтыў имканиятын береди. Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Глобал экологиялық фондтың “Арал теңизи бассейни ландшафтының турақлы ҳәм деградацияға бийтәреп, турақлы турмыс тәризин қоллап-қуўатлаўшы тийкары сыпатында көллер, суў-батпақлық жерлер ҳәм жағалық бойы жолларын сақлаў ҳәм басқарыў” (Арал Сеа Ўетландс) биргеликтеги жойбары да “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының көклемзарластырыў басламасын әмелге асырыўға өзиниң мүнәсип үлесин қоспақта.
Усы жойбарлар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайын үйрениў мақсетинде республика жуўапкерлеринен ибарат жумысшы топар Әмиўдәря районында болды ҳәм районда жайласқан “Қыпшақ” тоғай хожалығы менен “Төменги Әмиўдәрья” мәмлекетлик биосфера резерватына 3 мың 400 түп мәдений ҳәм мийўели терек нәли тапсырылды. Бул Аралбойы регионында бағ ҳәм терекликлер майданын кеңейтиў имканиятын жаратады.

Мийўели тереклер жергиликли халық ўәкиллерине қосымша дәрамат дәрегин жаратыў ҳәм аймақ фаунасы ўәкиллери, соның ишинде, көшип жүриўши ҳайўанлар ҳәм қуслар ушын азықлық базасын кеңейтиў имканиятын жаратады. Жер ресурсларын турақлы басқарыў усыллары, атап айтқанда, тоғайларды көбейтиў, топырақ қатламының бузылыўының унамсыз ақыбетлерин сапластырыў ҳәм сол арқалы ЛДН (жер деградациясын нейтралластырыў) ға ерисиўге жәрдем береди.
Бул илаж Арал теңизи суў бассейнлери жойбарының шөллениўге қарсы гүресиў, ландшафтларды қайта тиклеў ҳәм тәбийғый ресурсларды турақлы басқарыў машқалаларын шешиўге болған комплексли қатнасын сәўлелендиреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги