Судья болған дәўиринде қылмыс ислегенлердиң тәғдири сабақ болды

183

 

Нөкис қаласында Судьялар жоқарғы кеңесиниң баслығы Холмўмин Ёдгоров Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары менен олардың шаңарақ ағзаларының қатнасыўында ашық сәўбетлесиў өткерди.

Илаж судьялардың лаўазымы ўәкиллигинен ғәрезли мақсетлерде пайдаланыўының аянышлы ақыбетлерин өзинде сәўлелендирген видеофильмниң көрсетилиўи менен басланды.

Системаның тийисли жазаны өтеп атырған бурынғы ўәкиллериниң өкинишлери судялар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын да өзине тән сабақ ўазыйпасын атқарады.

Судьяның шахсы, оның әдеп-икрамлылығы ҳәм турмыс тәризи тек ғана ҳуқықый қарарларды қабыл етиў процесинде емес, ал жәмийетте әдилликке болған исенимди қәлиплестириўде де әҳмийетли орын ийелейди. Илажда судьялар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының қатнасыўында лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыўдың аўыр ақыбетлерин сәўлелендириўши видеофилмниң көрсетилиўи буған айқын мысал болып есапланады.

Бул илаждың дыққатқа ылайықлы тәрепи – жазасын өтеп атырған бурынғы судьялардың ислеген қылмысынан шын кеўилден пушайман болып айтқан өкиниш сөзлери бүгинги судьяларға өзине тән сабақ бериўге урыныў болды.

Ушырасыўда мәмлекетимизде басқышпа-басқыш даўам етип атырған суд-ҳуқық реформалары процесинде суд ҳәкимиятының абырайын арттырыў ҳәм судьялардың ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеп, оларды социаллық қорғаўға айрықша итибар қаратылып атырғаны да атап өтилди. Судьялардың миннетлемелери ҳәм Судьялар әдеп-икрамлылық кодексине әмел етилиўинде маманлық коллегияларының жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырып, қосымша илажлар көриў зәрүрлиги ҳаққында сөз етилди.

Соңғы жыллары суд системасы, судьялардың еркинлигин тәмийинлеў ҳәм оларды социаллық қорғаўға қаратылып атырған итибар судьяларға үлкен жуўапкершилик жүклейтуғыны атап өтилди. Бундай жуўапкершилик судьядан исенимлилик, антқа садықлық ҳәм ҳадаллықты талап етеди.

Сондай-ақ, ашықтан-ашық сәўбетлесиў барысында интизамсызлыққа жол қоймаў, адамларды сергиздан етпеў, ислерди көриўде процессуал мүддетлерге әмел етип, өз ўақтында нызамлы көрип шығыўы ҳәм судьялар әдеп-икрамлылық кодекси талапларына қатаң әмел етиўи атап өтилди. Ҳәр бир истиң негизинде инсан тәғдири, ҳуқықы жатқаны бәрқулла итибарда болыўы шәрт екенлиги, суд ҳәкимиятының бийғәрезлиги, судьялардың қол қатылмаслығын тәмийинлеў, олардың әдил судлаўға байланыслы жумысына ҳәр қыйлы араласыўлардың алдын алыў, системада коррупцияға қатаң маўасасызлық орталығын және де арттырыў, тараўдағы машқалалар ҳәм олардың шешимлери ҳаққында пикир алысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги