Нөкис кәншилик институтында Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси жанындағы жәмийетлик фонды таңлаўының «Талантлы жаслар -жәмлеспеген жасларға өрнек» атамасындағы жойбары тийкарында усы оқыў орны студент-жаслары ҳәм Жаңабазар мәкан пуқаралар жыйыны жаслары менен биргеликте бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, студент-жаслар ҳәм Жаңабазар мәкән пуқаралар жыйыны жаслары арасында олардың ақыл-парасаты, шаққанлығы ҳәм зейинлилигин сынақтан өткериўши «Zakovat Quiz» интеллектуаллық ойыны болып өтти.




Онда қатнасыўшылар Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген сораўларға тез ҳәм анық жуўаплар берип, жарысқа белсене қатнасты.  Жарыс соңында жеңимпаз топарлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

-Бүгинги өткерилген таңлаўға институтымыз студент-жаслары менен бирге, Жаңабазар мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы жаслар да белсене қатнасты. Алдағы ўақытлары мәмлекетимиз ҳәм халықаралық көлемде өткерилетуғын интеллектуаллық ойынларда өзлериниң билимин, ақыл-зейинин көрсетеди деп ойлаймыз,-дейди институт директорының Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Даўытбай Қурбаниязов.

«Талантлы жаслар -жәмлеспеген жасларға өрнек» атамасындағы жойбары шеңбериндеги илажлар республикамыз бойлап даўам етпекте.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы