Дәраматлы ҳаял-қызлардың қатары көбеймекте

220

Өз исбилерменлигин баслаў тилегиндеги «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлардың жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жәрдем көрсетиўде мәҳәлле жетилиги айрықша орын ийелейди.

Беруний районы Бостан мәҳәллеси турғыны А.Бекиева жеңиллетилген кредиттен пайдаланып, қыйтақ жеринде ыссыхана жумысы менен шуғылланып атыр. Усы исбилерменлиги арқасында 4 перзентин жоқары оқыў орнында оқытып атыр. Буның барлығы ҳадал мийнеттиң нәтийжеси екенин атап өтти.

Усы мәҳәлледеги 300 ден аслам шаңарақлар республикамыз бойлап овощ ҳәм палыз егинлериниң нәллерин жетистириў менен шуғылланады.

– Жас шаңарақларға берилип атырған итибар себепли, Жаслық мәкан пуқаралар жыйынындағы ҳаял-қызлар да мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған имканиятлардан үнемли пайдаланып келмекте. Үй шараятында көрпе, көрпеше, түрли пишимдеги көпшиклер тигип халқымыздың жақсы күнлеринде хызмет етиўди жолға қойған, – дейди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы А.Уразова.

Сондай-ақ, Шаббаз мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы У.Нийетуллаева жеңиллетилген кредит алып, нан цехын иске қосқан. Буйыртпа тийкарында нан ҳәм пәтир писирип, ишки базарда сатыўды баслаған.

– Президентимиз тәрепинен бағыўшысы жоқ, жалғыз баслы аналарға жаратылып атырған имканият ҳәм жеңилликлер ушын миннетдаршылық билдиремен, келешекте жумысымды және де кеңейтиўди режелестирип атырман, – дейди У.Ниейтуллаева.

Жаратылған усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып атырған ҳаял-қызлар бүгин көпшиликти қурайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги