Футбол:«Универсиада»да қарақалпақстанлы жаслар қандай нәтийже көрсетпекте?

185

Хорезм ўәлаятында футбол бойынша «Универсиада» спорт жарысының республикалық басқышы болып өтпекте.

Бул жарысқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан 14 команда 4 топарға бөлинип, келеси басқыш жолламасы ушын өз-ара гүрес жүргизбекте.

Соның ишинде, Рустам Хайдаров басшылығындағы Қарақалпақстан сайланды командасы 10-апрель күни «В» топарындағы дәслепки турда Әндижан ўәлаяты командасын 3:0 есабында жеңип шыққан болса, екинши жуплықта наманганлы жаслар самарқандлы футболшыларды 1:0 есабында жеңиўге миясар болды.

Бүгин жарыстың 2-тур ойынлары өткерилип, онда республикамыз футболшылары Самарқанд ўәлаяты командасына 3:2 есабында жеңилип қалды. Ал, Әндижан ўәлаяты командасы Наманганды 1:0 есабында жеңиўге еристи.

Солай етип, өткерилген еки турдан соң  Қарақалпақстан сайланды командасы дәрўазаларға киргизилген голлар есабынан өз топарында биринши орынды ийелеп тур.

«Универсиада» спорт жарысының 3-тур ойынлары ертең 12-апрель күни өткерилип, онда республикамыз командасы наманганлы жаслар менен келеси басқыш жолламасы ушын өз-ара беллеседи.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы