Фильм шаңарақлардың тиклениўине тәсир етти

Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судлары менен биргеликте Нөкис қаласында шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеў ҳәм перзентлер тәрбиясына бағышланған әмелий илаж болып өтти.
Илажға тынышсыз шаңарақта жасап атырған, ажырасыў алдында турған, судқа ажырасыў бойынша шағым арза менен мүрәжат еткен ерли-зайыплылар ҳәм олардың ата-аналары мирәт етилди.
Илаж дәстүрий емес усылда басланып, дәслеп бир шаңарақтың некеден ажырасқаннан кейинги тәғдири сәўлеленген “Перзент аманат” атлы қысқа метражлы кинофильм қойып берилди. Тек ғана 20 минутқа шекем даўам еткен фильм жыйналғанларды бийпәрўа қалдырмады, көпшилик көз жасларын тыя алмады.
Нәтийжеде, фильмниң презентациясынан жуўмақ шығарған 12 шаңарақ тикленди. Ажырасып, өкпелесип, судласып жүрген ерли-зайыплылардың жарасқаны бир тәреп, олардың ата-аналары, перзентлериниң қуўанышы бир тәреп болды. Ең тийкарғысы, бул шаңарақлардағы жәми 22 перзент енди ата-ана қушағында камалға келетуғын болды.
Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң баслығы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судларына шаңарақлардың беккемлиги, ондағы саламат орталықтың жәмийетимиздиң ертеңги күнине унамлы тәсирин есапқа алған ҳалда некеден ажыратыў ислерин судта көриўде ерли-зайыплылардың ата-аналары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери, соның ишинде, мәҳәлле, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң орынлардағы ўәкиллериниң қатнасыўын тәмийинлеўге итибарлы болыў, бундай илажларды аймақлар кесиминде өткерип барыў усыныс етилди.

Илажда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары да тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги