«Әндижан-2025» I халықаралық  олимпиадасы жуўмақланды

194

Әндижан ўәлаятында 9-апрель күни медицина жоқары оқыў орынларының студентлери арасында «Әндижан-2025» I Халықаралық олимпиадасы болып өтти.

Олимпиадада  сырт  елден ҳәм республикамыздағы жоқары оқыў орынларынан сайланды командалар қатнасты.

Олимпиаданың тийкарғы мақсети, студентлерди билимлендириў ҳәм илим интеграциясына тартыў арқалы жәмийетимизде медицина илиминиң раўажланыўын тәмийинлеўди мақсет етиў менен бирге, студентлердиң билимлери ҳәм көнликпелерин сынақтан өткериў болып есапланады.

Халықаралық олимпадаға Қарақалпақстан медицина институтының студентлери Итиборхан Исакова ҳәм Эленора Файзуллаевалар да қатнасып, үшинши орынларды ийеледи.

Сондай-ақ, институт студентлери Наргиза Нуруллаева  «Grandmaster of pathogenesis» (Патогенездиң уллы устасы), Жорабек Худайназаров « Surgeons Golden Hands» (Хирурглардың алтын қоллары)  ҳәм Зухробиддин Ҳакимов  «Golden Hands»  (Altın qollar) номинациялары бойынша арнаўлы диплом менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги