Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар қоллап-қуўатланбақта

197

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, экономикалық белсендилигин арттырыў ҳәм социаллық қорғалыўын күшейтиў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Президенти быйылғы жылдың 14-март сәнесинде “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында” қарар қабыл еткен еди.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Төрткүл районында мәжилис болып өтти.

Онда район ҳәкими Р.Шамуратов, Өзбекстан Кәсиплик аўқамы Федерациясынан Қарақалпақстан Республикасына бириктирилген ўәкил Б.Султанов, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими ҳәм тийисли мәкеме, шөлкем басшылары қатнасты, – деп мағлыўмат береди районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Болып өткен мәжилисте усы қарардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар талланды.


Сондай-ақ, алдағы әмелге асырылыўы керек болған әҳмийетли жумыслар бойынша тийисли мәкеме, шөлкем басшыларына тапсырмалар берилди ҳәм режелер белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги