Мақсет – саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў

Елимиз бойлап ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған, 15 қалада бир ўақыттың өзинде старт берилип басланатуғын ғалабалық жуўырыў (марафон) илажлары быйыл да май айында шөлкемлескенлик пенен өткерилиўи режелестирилмекте.
Бул илаждың әҳмийети жоқары болып, Өзбекстан Жеңил атлетика федерациясы тәрепинен шөлкемлестирилип, барлық тийисли министрликлер ҳәм жәмийетлик шөлкемлер бул илажға қамтып алынады.
Илажды өткериўден баслы мақсет – халық арасында саламат турмыс тәризи принциплерин кеңнен ен жайдырыў, адамларды бир мақсет әтирапында бирлестириў, жылдан-жылға ғалаба ен жайып атырған саламатлық илажларының дәрежесин жоқарылатыў болып есапланады.
Белгиленген аралықты қамтып алған марафонда министрликлер ҳәм мәкемелердиң басшылары, нураныйлар, студент-жаслар, имканияты шекленген спортқа қумар ықтыярлылар, жәмлеспеген жаслар ҳәм басқа да бир қатар адамлар қатнасады.
Жарыс жуўмағы бойынша жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланады.
Өзбекстан Жеңил атлетика федерациясында Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 26-декабрьдеги мәжилис протоколы, усы жыл 3-апрельдеги арнаўлы тапсырмасы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик Кеңеси тәрепинен тастыйықланған «Ғалаба жуўырыў жарысларына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериўге байланыслы илажлар бойынша «жол картасы»ның орынланыўын тәмийинлеў, яғный быйылғы илажды өткериў мәселелелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәжилиске тийисли министрлик, мәкеме басшыларының спорт мәселелери бойынша орынбасарлары (федерация студиясынан), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң спорт мәселелери бойынша орынбасарлары, министрлик, мәкемелердиң орынлардағы структураларының басшылары Бажыхана комитетиниң аймақлық басқармалары студияларынан қатнасты.
Мәжилисте Бажыхана комитетиниң баслығы, Өзбекстан Жеңил атлетика федерациясының баслығы А.Мовлонов, Орайлық Азия жеңил атлетика ассоциациясының баслығы А.Абдувалиев, «FRESH-MEDIA» дөретиўшилик агентлиги режиссёры А.Айрапетова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси хаткери тәрепинен Ғалаба жуўырыў жарысларына таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериўге байланыслы илажлар бойынша тастыйықланған «жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилип, жарысты шөлкемлестириў, оған илажы барынша кең халық қатламын қамтып алыў, әсиресе, жаслардың бул илажға белсене қатнасыўын, жарыслардың жоқары дәрежеде, шөкемлескенлик пенен қәўипсиз өтиўин шөлкемлестириў, ғалаба хабар қуралларында кеңнен үгит нәсиятланыўын тәмийинлеў, транспорт, медициналық хызмет ҳәм басқа да мәселелер бойынша тийисли тапсырмалар берилди.



Илаж концепциясы ҳәм бағдарламасы бойынша түсиниклер берилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги