«…дәптер»деги ҳаял-қызларға берилетуғын жәрдем мәселелери додаланды

226

Шоманай районы ҳәкимлигинде тийисли кәрхана ҳәм шөлкем басшыларының қатнасыўында “Ҳаял-қызлар дәптери”ниң 6-басқышы бойынша исленетуғын жумысларға бағышланған мәжилис болып өтти

Онда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясынан Қарақалпақстан Республикасына бириктирилген ўәкил Б.Султанов, Шоманай районы прокуроры М.Матчанов, район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Бекбергенов, район ҳәкиминиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Т.Қаллықыличова ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-марттағы ПҚ-103-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалар ҳәм “Ҳаял-қызлар дәптери”ниң 6-басқышына киргизилген ҳаял-қызларға көрсетилетуғын жәрдемлердиң өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мәселелери бойынша жуўапкер басшыларға қарардың мазмун-мәниси түсиндирип берилип, тийисли тапсырмалар берилди.

“Ҳаял-қызлар дәптери”ниң 6-басқышы шеңберинде ҳаял-қызларға көрсетилетуғын жәрдемлердиң түрлери, оларды әмелге асырыў механизмлери ҳәм жуўапкер шахслардың ўазыйпалары талқыланды.

Сондай-ақ, қатнасыўшылар “Ҳаял-қызлар дәптери”ниң 6-басқышына киргизилген ҳаял-қызларға көрсетилетуғын жәрдемлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўға қаратылған бир қанша усынысларды билдирди.

Шоманай районы ҳәкимлиги “Ҳаял-қызлар дәптери”ниң 6-басқышы шеңберинде ҳаял-қызларға көрсетилетуғын жәрдемлерди нәтийжели әмелге асырыў ушын барлық имканиятлардан пайдаланыўға таяр екенлиги атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги