Хорезм ўәлаятының және бир дослық жәрдеми

Елимиз бойлап қурылыс, абаданластырыў жумыслары, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы илажлар нәтийжели даўам етпекте. Усы мақсетте Хорезм ўәлаяты ҳәм Шоманай районының дослық қатнасықлары да беккемленбекте.
Қуўанарлысы район орайы ишинен өтетуғын үлкен жолда асфальт төсеў жумыслары басланды. Атап айтқанда, Хорезм ўәлаятының қәўендерлигинде Шоманай районындағы Таза базар, Мәденият ҳәм Моншақлы мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларынан өтетуғын Әмиўдәрья көшесиниң 1258 метрлик аралығында асфальт төсеў жумыслары басланды.

Бул жойбар еки аймақ арасындағы дослық қатнасықларын және де беккемлеў ушын хызмет етеди, әлбетте.
Шоманай районы турғынлары ушын қолайлық жаратыў ҳәм инфраструктураны жақсылаў мақсетинде әмелге асырылып атырған бул жойбар Хорезм ўәлаяты ҳәм Шоманай районы арасындағы бирге ислесиўдиң және бир айқын мысалы болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги