Ҳәр бир баянат – келешек ушын бағдарлама, ҳәр бир декларация – инсаниятқа мүрәжат

Мүнәсибет
Өткен ҳәптеде дүнья жәмийетшилигиниң нәзери Өзбекстандағы Парламент дипломатиясының нәтийжеси, раўажланыўына, өсиў тенденцияларына қаратылды. Бир ҳәпте ишинде республикамыз әҳмийетли геосиясий майданға айланып үлгерди. Мақтаныш пенен айтыўымыз мүмкин, бүгин дүньяның нәзери, халықаралық көзқарас Өзбекстанға қаратылған.
Парламентлераралық аўқамның 150 жыллық ассамблеясы – бул әпиўайы конференция емес. Әдетте, бул ассамблея жылына 2 мәрте өткерилип, парламентаризм ҳәм турақлы раўажланыў тәжирийбесине ийе болған мәмлекетлерде шөлкемлестириледи. Әйне юбилей сәнеси Өзбекстанда өткерилип атырғаны да бийкарға емес.
Мәмлекетимиздиң Парламентлераралық Аўқамға ағзалығы 2017-жылы, яғный Өзбекстан өз раўажланыўында жаңа басқышқа өткен, избе-из реформаларды исенимли баслаған ўақытта қайта тикленди. Өткен қысқа дәўир ишинде, соның ишинде, миллий парламентаризм ҳәм турақлы раўажланыў тараўында үлкен тәжирийбе топланды. Елимиздиң бир қатар тараўларда ерискен жетискенликлери ири халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт еллер тәрепинен тән алынбақта.
Атап айтқанда, “Өзбекстан – 2030” стратегиясында парламент институтын раўажландырыў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында айрықша белгиленди. Нызам шығарыўшы ҳәкимияттың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстағы орнын арттырыўға қаратылған 20 дан аслам нызам қабыл етилди.
Әсиресе, 2023-жылы улыўмахалықлық референдум арқалы қабыл етилген жаңа Конституцияда парламент ўәкилликлери кескин асырылды. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының толық ўәкилликлери 5 тен 12 ге, Сенат ўәкилликлери болса 14 тен 18 ге жеткерилди. Суд, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм бәсеки уйымларын қәлиплестириў бойынша Президенттиң бир қатар ўәкилликлери нызам шығарыўшы ҳәкимиятқа өткерилди. Парламенттиң Ҳүкиметти қәлиплестириўдеги қатнасы, ҳуқық қорғаў уйымлары үстинен қадағалаў механизмлери және де күшейтилди.
Нәтийжеде, Өзбекстанның халықаралық жәмийетшилик алдында абырайы артып бармақта. Мәмлекетимизге болған исеним ҳәм дослық қатнасық раўажланбақта. Бул болса Парламентлераралық Аўқамның итибарын елимизге қаратты. Сонлықтан, Аўқам өзиниң үлкен салтанатын Ташкентте өткерди.
Парламентлер арасындағы байланысларды хошаметлеў ҳәм тынышлық және бирге ислесиўди беккемлеў исинде биргеликте жумыс ислеў ушын оларды бирлестириў Парламентлераралық аўқамның тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады. Ташкент қаласы бул конференцияға есик ашып ғана қалмастан, тыңлайтуғын орталық, жуўапкершиликли дипломатия ҳәм кең қарым-қатнас фазасын усынатуғын орынға айланды. 181 парламент, 14 бақлаўшы мәмлекет, 25 халықаралық шөлкем, жәми 2 мыңнан аслам делегат – барлығы Ассамблея сессияларында глобал келешек ҳаққында пикир алысты.
Ассамблеяның тийкарғы темасы “Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети” деп аталып, оның шеңберинде пүткил дүнья парламентлери делегациялары халықты социаллық қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў, ҳуқық үстинлигин тәмийинлеў бағдарында тәжирийбе алмасты. Сондай-ақ, инсан ҳуқықларын қорғаў, гендер теңликке ерисиў, илим ҳәм технологияларды раўажландырыў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы турмыслық әҳмийетли темалар терең додаланды.
Бир сөз бенен айтқанда, дүнья парламентлериниң ең абырайлы шөлкеми болған Парламентлераралық Аўқам ассамблеясының Өзбекстанда өтип атырғаны мәмлекетимиздиң халықаралық шеңбердеги абырайы артып атырғанын бәршеге дәлийлледи.
Ҳәр бир баянат – келешек ушын бағдарлама, ҳәр бир декларация – инсаниятқа мүрәжат. Ассамблея шеңберинде өткерилген 70 ке шамалас ҳәр қыйлы илаж ҳәм дебатлар өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм дүнья мәмлекетлери арасында пайдалы байланысларды беккемлеўге хызмет етеди, деп есаплаймыз.
Сағындық ТУРМАНОВ,
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси баслығы
Қарақалпақстан хабар агентлиги