Жаңа имканиятларға қарай әҳмийетли қәдем

“Мәҳәлледе бир күн” жойбары ҳаял-қызлардың жәмийеттеги белсендилигин арттырыўға қаратылған жойбар болып, бүгин Мойнақ районындағы Тик өзек мәкан пуқаралар жыйынында да усы жойбар шеңберинде ҳаял-қызлар арасында үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Жойбарға Мойнақ районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Б.Жамалова, депутат К.Насирова, районлық кәрхана ҳәм мәкемелердиң хызметкерлери ҳәм мәҳәллениң белсенди ҳаял-қызлары қатнасты.
Бул баслама мәҳәлледеги ҳаял-қызлардың социаллық турмыстағы орны ҳәм белсендилигин арттырыў, олар дус келип атырған машқалаларды орнында үйрениў ҳәм шешим табыў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Илажда атап өтилгениндей, ҳаял-қызлар – мәҳәллениң таянышы. Олар шаңарақты беккемлеў, жасларды тәрбиялаў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм жәмийетлик жумысларда белсене қатнасыў арқалы жәмийеттиң раўажланыўына үлкен үлес қоспақта. “Мәҳәлледе бир күн” жойбары – мәҳәллелердеги ҳаял-қызларға жаңа имканиятлар есигин ашатуғын әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Жойбар шеңберинде ҳәр қыйлы тараў ўәкиллери мәҳәллеге келип, халықтың пикир-усынысларын ҳәм мүтәжликлерин үйренди ҳәм ҳаял-қызларымыз бенен жүзбе-жүз сөйлесиўлер алып барылды.




Олар тәрепинен көтерилген мәселелер бойынша тийисли илажлар белгиленип, сапластырыў шаралары көриледи.
Ушырасыўда ҳаял-қызлар өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги