Конституциямыз-халық мәпине хызмет етеди

189

Конституция – хәр бир мәмлекеттиң, онын халқының ой-пикирин, еркин, руўҳын, жәмийетлик санасын хәм мәдениятын ҳәр тәреплеме сәўлелендириўши тийкарғы Нызам болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизликке ерискеннен кейин инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери мәселесине, олардың ҳақыйқый иске асыўын тәмийинлеўге айрықша дыққат аўдарып келмекте. Конституция өзинде инсаныйлық идеясын жәмлеген, елимизде избе-излик пенен әмелге асырылып атырған реформалар-мәмлекетлик қурылысы тараўында бола ма, жәмийетлик  қурылыс, нызамшылық, суд ҳуқық системасында бола ма, олардың ҳәммесин  системалы түрде бир пүтин етип  байланыстырып турыўшы тийкарғы буўын – бул инсан мәплери болып есапланады.

Елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ажыралмас бөлеги болған инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин нәтийжели қорғаў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарларының бирине айланды. Бул болса мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамында өз орнын таўып, онда адам мәпи дүньядағы барлық қәдир-қымбатлардан үстин турады. Конституциямыздың 5-бабында инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң улыўма тән алынған халық аралық ҳуқықый нормалары сәўлеленип, олардың мәмлекет тәрепинен қорғалыўы Конституциялық дәрежеде беккемлеп қойылды. Бизиң уллы мақсетимиз Конституциямыздың барлық нормаларына сиңдирилген. Онда белгиленген турмыслық идеялар ҳәм олар себепли жүзеге келген нормалар тийкарында мәмлекетимиз суверенитети ҳәм ғәрезсизлиги беккемленип барылмақта. Конституция – мәмлекетлик ҳәкимиятты дүзиў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын шөлкемлестириўде нызамда белгиленген тийкарғы қағыйдаларын көрсетиў менен бирге, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларындағы қатнасықлардың раўажланыўы, тынышлық ҳәм парахатшылықты тәмийинлеў, адамлардың санасы ҳәм ой-пикирлериниң руўхый көтеринкилик дәрежесиниң негизи болып есапланады.  Конституциямыз бүгинги жедел пәт менен өзгерип атырған дүньядағы процесслердиң барлық сынақларынан табыслы өтип келмекте. Конституциямыз халық мәпи ушын хызмет етеди ҳәм ис жүзинде халық бийлигин тәмийинлейди. Бул тийкарғы демократиялық принцип Конституциямыздың 7-статьясында тастыйықланып, “Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги” деп көрсетилген. Ҳақыйқатында да ҳәр бир демократиялық мәмлекеттиң Конституциялық тийкарын адам ҳуқықлары менен  еркинликлери қурайды.

Усы көз-қарастан алғанда мәмлекетимиз Конституциясының “Адам ҳәм пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары ҳәм еркинликлери» бөлими айрықша орынды ийелейди.

Сондай-ақ, Конституциямыздың тийкарғы принциплери бөлиминде инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да қол қатылмас ҳуқықлары ең жоқары байлық екенлиги айрықша белгилеп қойылған. Өзбекстан Республикасының қурамында Қарақалпақстан Республикасы өз миллий мәмлекетшилигин беккемлеп, демократиялық раўажланыўдың жаңа басқышына көтерилди.

Қарақалпақстан Республикасы суверенитети Өзбекстан Республикасы Конституциясы тәрепинен кепилленеди ҳәм қорғалады. Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик аймақлық дүзилиси мәселелерин өзи шешеди, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының системасын белгилейди, Өзбекстан Республикасы сиясатына сай сиясатты жүргизеди. Сол тийкарда жәмийетимизде ҳуқықый демократиялық ҳәм ашық пуқаралық жәмийетин, еркин базар қатнасықларына тийкарланған экономиканы қурыў, халқымыз ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыўда тийкарғы нызамымыз беккем тийкар болып келмекте. Конституциямыз – бизлер ушын тек ғана ҳуқықый бир ҳүжжет болып қалмастан, ал тарийхый ҳуқықый әҳмийетке ийе ҳүжжет болып есапланады.

Солай екен, жәмийетимиз турмысының тийкары болған Конституцияны терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениўимиз, оның мазмун-мәнисине жетип барып, өмиримиздиң турақлы әмелий қолланбасына айландырыўымыз оғада зәрүр.

Н.Таиров, Пуқаралық ислери бойынша Беруний

районлар аралық судының судьясы

Қарақалпақстан хабар агентлиги