Таза ишимлик суўы тәмийнаты машқаласы шешим таппақта

Әмиўдәрья районының Қаңлы аўылында жақында әмелге асырылған социаллық жойбар – аймақтағы таза ишимлик суўы тәмийнаты машқаласына әмелий шешим болды.
Енди аўыл халқы заманагөй технологиялар тийкарында қурылған қурылма арқалы жер асты суўларын тазалаў имканиятына ийе болды. 500 ден аслам шаңараққа хызмет көрсетиўге мөлшерленген бул қурылманың пайдаланыўға тапсырылыўы арқалы тек ғана халықтың денсаўлығы қорғалып қоймастан, ал улыўма санитариялық жағдай, турмыс сапасы ҳәм экологиялық турақлылық та тәмийинленбекте, – деп мағлыўмат береди Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлими.
Жойбар “Tashwell” қурылыс компаниясы тәрепинен бийминнет әмелге асырылды.
Имараттың ашылыў мәресиминде аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Б.Пирманов, жойбар координаторлары, нуранийлар, “мәҳәлле жетилиги” ҳәм жергиликли халық белсене қатнасты ҳәм қайырлы илажды әмелге асырған компания басшылығына қызғын миннетдаршылық билдирип, жумысларында табыслар тиледи.

Сондай-ақ, жойбар шеңберинде аймақтағы мектеп оқыўшыларына көркем әдебиятлар да саўға етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги