Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының раўажланыў басқышлары

238

9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 1993-жылы 9-апрель күни қабыл етилгени бәршемизге белгили. Бирақ бул Конституцияның жойбары оннан 2-3 жыл алдын, яғный 1990-жылдан баслап исленгени ҳақққында көпшиликтиң хабары болмаса керек.

1991-жылы 31-августта Өзбекстан Республикасы өзиниң ғәрезсизлигин жәриялағанлығы, 1992-жыл 8-декабрьде оның жаңа Конституциясы қабыл етилгени ҳәммемизге мәлим. Мине, усы тарийхый ўақыялардан кейин Қарақалпақстанда да жаңа Конституцияның жойбары үстинде ислеў әдеўир көтериңкилик пенен ҳәўиж алды. Нәтийжеде 1993-жылы февраль айында болып өткен Конституциялық комиссияның гезектеги мәжилисинде конституцияның жойбары көрип шығылды ҳәм жойбар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Совети Президиумына усынылды. Президиум Конституцияның жойбары бойынша 1993-жыл 1-мартта қарар қабыл етти ҳәм оған муўапық жойбар ғалаба хабар қуралларында 1993-жыл 7-мартта жәрияланды.

Конституцияның жойбары ғалаба хабар қуралларында жәрияланған күннен баслап оны улыўма халықлық додалаў басланып кетти. Жойбарды додалаўға пуқаралар, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм мәмлекетлик уйымлар белсене қатнасты. Буның нәтийжесинде Конституцияның жойбары бойынша конституциялық комиссияға 450 ден аслам, ал ғалаба хабар қуралларына 1000 нан аслам пикирлер ҳәм ҳәр түрли усыныслар келип түсти.

Солай етип, 1993-жылы 9-апрельде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң XII-шақырық 12-сессиясында Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы қабыл етилди. Конституция жәмийетимизде жүз берип атырған өзгерислер ҳәм заман талапларын итибарға алған ҳалда раўажланып, жетилисип бармақта.

Атап айтқанда, Конституцияға 1994-жыл 26-февральдағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң XII-шақырық 15-сессиясында, 1995-жыл 31-октябрьдеги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң I-шақырық 4-сессиясында, 1997-жыл 15-декабрьдеги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң I-шақырық 13-сессиясында, 2003-жыл 12-ноябрьдеги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң II-шақырық 12-сессиясында, 2014-жыл 27-июньдеги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң IV-шақырық 15-сессиясында, 2019-жыл 29-июньдеги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң V-шақырық 26-сессиясында, 2019-жыл 16-декабрьдеги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң V-шақырық 29-сессиясында, 2021-жыл 12-февральда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң VI-шақырық 15-сессиясында қосымшалар ҳəм өзгерислер киргизилген.

1993-жыл 9-апрельде қабыл етилген Конституциямыз 6 бөлим, 25 бап, 116 статьядан ибарат болған болса, ҳәзирги ўақытта ол 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

Солардан 1997-жыл 15-декабрьдеги нызам менен Конституцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының ўәкилликлерин белгилеп бериўши 19-бап (84, 85-статьялар), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының ўәкилликлери ҳаққындағы 88-статья қосымша етип киргизилгенин, ал 2003-жыл 12-ноябрьдеги нызам менен улыўма юрисдикция судларының қәнигелисиўине байланыслы Қарақалпақстан Республикасы судларының ўәкилликлерине, олардың баслықлары ҳәм судьяларын сайлаў, тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыўға байланыслы Конституцияның 68, 75, 81, 101-105-статьяларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенин, 2014-жыл 17-июньдеги нызам менен Жоқарғы Кеӊес Баслығыныӊ ўәкилликлерине, 2021-жыл 12-февральдағы нызам менен суд системасына байланыслы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилгенин айрықша атап өтиў орынлы.

Атап айтқанда,  2021-жыл 12-февральдағы нызам менен киргизилген өзгерислерге бола, Конституциямыздың 101-статьясы төмендеги редакцияда баян етилди: «Қарақалпақстан Республикасының суд системасы Қарақалпақстан Республикасы суды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, пуқаралық ислери бойынша районлараралық, районлық (қалалық) судлары, жынаят ислери бойынша районлық ҳәм қалалық судлары, районлараралық, районлық (қалалық) экономикалық судлары ҳәм районлараралық ҳәкимшилик судларынан ибарат».

Сондай-ақ, Конституциямыздың 102-статьясына өзгерис киргизилип, онда Қарақалпақстан Республикасы суды пуқаралық, жынаят ҳәм экономикалық судлаў ислерин жүргизиў саласында жоқары суд ҳәкимияты уйымы болып табылатуғыны белгиленген болса, Конституцияның 103 ҳәм 104-статьяларында орын алған Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судына тийисли нормалар шығарып тасланды.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы жоқары дәрежедеги нызам сыпатында мәмлекетимиз келбетин, оның социаллық, экономикалык, сиясий дүзилисин, басқарыўдың демократиялық принциплерин, жәмийеттиң раўажланыўының стратегиялық бағдарларын, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери кепилленгенлигин ҳәм руўхый қәдириятларымыз тийкарларын беккемлеп берди.

Усы пурсаттан пайдаланып халқымызды «9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конститутуциясы күни» байрамы менен қутлықлайман ҳәм алдағы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен.

С.Каипназарова,

Қарақалпакстан Республикасы суды судьясы

Қарақалпақстан хабар агентлиги