Конституция – халқымызды аўызбиршиликке, уллы дѳретиўшилик ислерге баслаўшы тийкарғы ҳүжжет
9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығына бағышланған салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Байрам илажына Жоқарғы Кеңес депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Салтанатлы байрам илажы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимнлериниң атқарылыўы менен басланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы менен Жоқарғы Кеңес ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Конституция көп миллетли халқымыздың аўызбиршилигин ҳәм дослығын беккемлеўши, оларды уллы дѳретиўшилик ислерге баслаўшы тийкарғы ҳүжжет есапланады.
Қалаберди, экономикамыздың жылдан-жылға беккемленип атырғаны, халықтың социаллық турмыс шараятының жақсыланып баратырғаны Конституциямыздың тийкары етип алынған, терең ҳәм пуқта ойланған ийгиликли мақсетлердиң нәтийжеси болып саналады.
Президентимиз тәрепинен быйылғы жылдың «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы» деп жәрияланғаны Аралбойы регионы ушын оғада әҳмийетли болып табылады.
Жақында ғана Самарқанд қаласында болып өткен Халықаралық климат форумында Президентимиз кең жәмийетшиликтиң итибарын және бир мәрте Арал апатшылығына қаратқаны ҳәм бир қатар басламаларды алға қойғаны, сондай-ақ, Нөкис қаласында өткерилген биринши халықаралық «Арал мәденият саммити»нде Арал теңизиниң экологиялық машқаласы бойынша халқымыздың тәғдири ҳәм елимиздиң келешеги менен байланыслы оғада әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынғаны елимиз турмысындағы тарийхый ўақыялар қатарына киретуғынлығын атап өтиўимиз керек.
Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде соңғы жыллары бир қатар халықаралық илажлар Қарақалпақстанда өткерилип атырғаны халқымыздың бай мәдениятын, туризм потенциалын дүнья жәмийетшилигине танытыўда, сырт ел инвесторларын регионымызға тартып, өндирис ҳәм қайта ислеў қуўатлылықларын кеңейтиўде әҳмийетли болған көплеген завод ҳәм кәрханаларды иске түсириўде, өнимлерди сырт еллерге экспортқа шығарыўда ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўда әҳмийетли орын тутпақта.
Сондай-ақ, соңғы жылларда қабыл етилип атырған тарийхый пәрман ҳәм қарарларға муўапық Қарақалпақстанда исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаў ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша бурын болмаған көплеген жаңа имканиятлардың жаратылып атырғаны, «Жойбарларды әмелге асырыў орайы», Сыртқы грантлар менен ислесиў бөлими ҳәм исбилерменликке көмеклесиў дирекциясының ашылғаны, сондай-ақ, санаатты раўажландырыў мақсетинде қосымша жеңиллетилген кредитлерди ажыратыў нәзерде тутылғаны, қалаберди, 2026-жылдың жуўмағына шекем узынлығы 196 километрлик «Мискин – Нөкис» темир жол линиясын толық электрлестириў бағдарындағы жумыслардың басланғаны, Нөкис қаласында баҳасы 78 млн. долларлық «Заманагөй мийманхана ҳәм Конгресс-холл комплексин қурыў» жойбары әмелге асырылып атырғаны халқымызды уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырмақта.
Булардан тысқары, быйылғы жылдың ақырына шекем қала ҳәм районларымызда мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жәми 436 объектте дерлик 1 ярым триллион сумлық қурылыс ҳәм реконстукция жумыслары алып барылады. Соның ишинде, 96 аўыр мәҳәллениң қыйтақ жерлери ағын суў менен тәмийинленеди. Ишки жоллар ҳәм электр тәмийнаты тармақларында 319,4 млрд. сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылады. Санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында 11 трлн. сумлық 464 инвестициялық жойбар әмелге асырылып, олар бойынша 447 млн. долларға тең тиккелей сырт ел инвестициялары өзлестириледи.
Жоқарғы Кеңес Баслығы жасларымыздың ерискен нәтийжелерин де мақтаныш пенен атап өтти. Атап айтқанда, «Жас китапқумар» таңлаўының быйылғы мәўсиминде Төрткүлли Ўғилжайрон Халдурдиева өз заманласлары арасында жеңимпаз болып, электромобиль (BYD) менен сыйлықланған болса, үмитли спортшыларымыздан Жалғасбай Бердимуратов Иордания мəмлекетинде спорт гүреслери бойынша өткерилген Азия чемпионатында алтын медальды, ал, Шахзада Алланиязова бронза медалын жеңип алыўға еристи.
Салтанатлы байрам илажында Қарақалпақстан халық шайыры Г.Дәўлетова байрамға бағышланған қосығын оқыды. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студенти А.Алламбергенова илаж қатнасыўшыларын жаслар атынан байрам менен қызғын қутлықлады.

Илаж көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Салтанатлы мәжилиске Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановлар қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги