Бирге ислесиўде әмелге асырылыўы зәрүр болған режелер белгилеп алынды

Өзбекстан мәҳәллери ассоциаицясы баслығының биринши орынбасары Жавдадхон Иноғомов басшылығындағы Өзбекстан делегациясының Қырғыз Республикасына сапары болып өтпекте.
Ассоциация мәлимлеме хызметиниң мағлыўматына бола, Бишкек қаласындағы Қырғызстан жергиликли өзин-өзи басқарыў аўқамында ушырасыў шөлкемлестирилди. Ушырасыў алдында атап өтилгениндей, бүгинги күнде Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Садир Жапаровтиң сиясий ерк-ықрары, беккем дослығы себепли мәмлекетлеримиз биргеликте раўажланыў жолынан бармақта.

Жавдадхон Иноғомов Өзбекстанның айрықша структурасы болған мәҳәлле институты, Президентимиздиң басламасы менен енгизилген «мәҳәлле жетилиги» жумысы бойынша толық мағлыўмат берди. Қырғыз Республикасының экспертлери атап өткениндей, бул уникал система мәмлекетте жумыссызлық, миграция, шаңарақлық ажырасыўлар, жынаятшылық көрсеткишлериниң кескин төменлеўине үлкен түртки берди. Соның ушын да усы әмелиятқа дүнья мәмлекетлериниң өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен үлкен қызығыўшылық билдирилмекте.
Ушырасыўда Қырғыз Республикасының өзин-өзи басқарыў системасы, мәмлекеттиң бүгинги раўажланыў тенденциялары ҳаққында мағлыўмат берилди. Келешекте биргеликте әмелге асырылыўы зәрүр болған режелер белгилеп алынды. Сондай-ақ, өзбекстанлы тараў жуўапкерлерине Қырғызстан Парламентиниң бүгинги күндеги жумысы бойынша мағлыўмат берилди.
Сапар даўмаында Өзбекстан делегациясы Қырғызстанның бас китапханасында болды.

Қырғыз Республикасы Миллий китапханасы Орайлық Азиядағы ең ири китапханалардан бири болып есапланады. Мәмлекеттиң бас китапханасы қырғыз халқының мәдений байлықлары ҳәм дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў бағдарында узақ жол басып өтти.
Мийманларға китапхананың тарийхы, бүгинги күндеги жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди. Өзбекстан тәрепи усы мәкеме ушын белгили жазыўшы Шынғыс Айтматовтың өзбек тилиндеги шығармаларын тапсырды.
Н.Усмонова, ӨзА