Инсан ҳуқықларын қорғаў мәселелери додаланды

181

Ташкентте даўам етип атырған Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы шеңберинде шөлкемлестирилген дөгерек сәўбетинде Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлери ағзалары инсан ҳуқықларын қорғаў мәселелерин додалады.

Тийкарғы итибар БМШтың Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясын әмелге асырыўда парламентлердиң орны ҳәм әҳмийетине қаратылды.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, Өзбекстан Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайының директоры Акмал Саидов илажды ашып берип, инсан ҳуқықларын тәмиийнлеўде парламентлераралық бирге ислесиў ҳәм халықаралық сөйлесиўдиң әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти. 

БМШтың Бала ҳуқықлары бойынша комитетиниң баслығы Софи Киладзе, Парламентлераралық Аўқам ҳәм БМШ ўәкиллери парламенттиң потенциалын арттырыў, халықаралық тәжирийбени енгизиў ҳәм қадағалаў механизмлерин беккемлеў бойынша өз пикирлерин билдирди.

Бул бағдарда дүньяда ҳәм Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жумыслар, балалардың ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған ҳуқықый база бар екени, оны әмелге асырыў механизми ислеп атырғаны атап өтилди. Бул қорғаў қуралларын буннан былай да күшейтиў, бирге ислесиўди беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы