Франция менен бирге ислесиў мәселелери беккемленбекте

Усы жылдың 7-апрель күни Ишки ислер министри генерал-майор Азиз Тошпўлатов ҳәм Франция Республикасы Президентиниң кеңесгөйи – Францияның разведка ҳәм терроризмге қарсы гүресиў бойынша миллий муўапықластырыўшысы мырза Паскаль Майос (Pascal Mailhos) арасында жумыс бабындағы ушырасыў болып өтти.
Илаж даўамында тәреплер өз-ара әмелий бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары, атап айтқанда, терроризм ҳәм экстремизм, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм кибержынаятшылықларға қарсы гүресиў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў перспективаларына байланыслы мәселелерди долалады.
Дослық ҳәм конструктивлик руўхта өткен ушырасыў жуўмағында еки мәмлекеттиң ҳуқық қорғаў уйымлары арасындағы қатнасықларды беккемлеў бағдарында тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги