Жас волейболшылар чемпионлық ушын беллести

2-8-апрель күнлери Нөкис қаласында спорттың волейбол түринен 19 жасқа шекемги жаслар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Чемпионат жуўмағында, Қашқадәрья ўәлаяты командасы биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Финалға шекем ҳеш бир жеңилиске ушырамаған Ферғана ўәлаяты командасы екинши, республикамыз командасы сыйлы үшинши орынды ийелеўге еристи.
Ал, қызлар арасында болса, биринши орынды Әндижан ўәлаяты командасы жеңип алды.
Чемпионлық ушын беллесиўлерде азырақ әўмет жетпеген республикамыз командасы гүмис, Хорезм ўәлаяты командасы қола медальларын қолға киргизди.
-Соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында спорт тараўын, соның ишинде, командалық ойын түрлерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бүгинги күни мәмлекетимиздиң барлық аймақларында футбол, волейбол, гандбол, баскетбол сыяқлы спорт түрлери жедел раўажланбақта,-дейди волейбол бойынша республикамызға белгили тренер Азат Казаков.-Бул сөзимиздиң айқын мысалын, бүгинги өткерилген жарыста көриўимизге болады. Атап айтқанда, бурынғы өткерилген чемпионатларда Ташкент қаласы, Наманган, Наўайы, Хорезм ўәлаятлары республикамыз командасына тийкарғы қарсылас сыпатында қаралған болса, быйылғы жарыста Қашқадәрья, Әндижан, Ферғана ўәлаятлары командалары да өзлериниң шеберликлерин көрсетип, жақсы нәтийжелерге еристи.
Жарыс жуўмағында, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.









Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы