Ушырасыўлар нәтийжели болмақта

171

Қарақалпақстан делегациясының Корея мәмлекетиндеги әҳмийетли сөйлесиўлери даўам етип, сапардың жуўмақлаўшы күнинде Қарақалпақстан делегациясы Жеонбук провинциясындағы Daejeon polytechnik оқыў орайында болды.

Бул оқыў орнында жылына 12 мыңнан аслам жаслар билим алып, жаңа технологиялар тийкарында маманлыққа ийе болып шығып атырғанын атап өтиў орынлы. Техника, IT, электро энергетика ҳәм басқа да қәнигеликлер бойынша теориялық ҳәм әмелий билимлер берилип, бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем бериледи.

Оқыў орны администрациясы менен ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў, усы имканиятлардан пайдаланып, Қарақалпақстан жасларының да бәнтлигин тәмийинлеў, оларды заманагөй кәсиплерге оқытыў бойынша сөйлесиўлер алып барылып, жақын шериклик қатнасықларын орнатыў бойынша келисип алынды.

Буннан соң Smart Farm (Ақыллы ферма) ўәкиллери менен ушырасыў өткерилип, ақыллы фермада теплицалардың имканиятларынан жоқары өним алыўда пайдаланыў, онда заманагөй көзқараслар арқалы өнимдарлықты арттырыў бойынша жасларға билим бериў мәселелери талқыланды. Сөйлесиўлер барысында өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында бирге ислесиў бойынша келисип алынды.

Сапар даўамында Қарақалпақстан делегациясы провинция вице губернаторы менен ушырасты.

Ушырасыўда Корея ҳәм Өзбекстан арасындағы дослық, тығыз бирге ислесиў қатнасықларының беккемленип атырғаны, еки мәмлекет арасында, соның ишинде, Қарақалпақстан менен туризм тараўын раўажландырыў, жасларды кәсипке бағдарлаў арқалы бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў мәселелери бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Буннан соң Sejong институты ўәкиллери менен де ушырасыў өткерилип, онда Sejong институты ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети арасында тил үйрениў орайын ашыў бойынша келисимге қол қойылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги