Әдебиятымызды жанрлық жақтан байытқан шайыр

219

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде қарақалпақ әдебиятының ири тулғалаларының бири, көп санлы лирикалық қосықлары ҳәм дәстанлық шығармалары халқымыздың жүрегинен кеңнен орын алған, қарақалпақ әдебиятын тематикалық, жанрлық ҳәм көркемлик жақтан раўажландырыўға үлес қосқан шайыр Садық Нурымбетовтың 125 жыллығына (1900-1972)  бағышланған “Нураный устаз атанған шайыр” атамасындағы әдебий саз сәўбетли кеше өткерилди.

Оған тараў қәнигелери, шайыр дөретиўшилигин изертлеў жумыслары менен шуғылланып атырған профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм С.Нурымбетовтың туўған-туўысқанлары, ақлық-шаўлықлары қатнасты.

Кешени музей директоры Ш.Пайзуллаева ашты ҳәм алып барды.

Атап өтилгениндей, С.Нурымбетов 1900-жылы Кегейли районында туўылған. Ол жети жасынан әкесинен айырылып, әкесиниң туўысқаны Сыдықтың қолында тәрбияланады. Ол 1919-жылы жазған “Даўыт көл” қосығы, “Тиллахан, “Есетсең”, “Жаңаберген”, урыс дәўиринде дөреткен “Перзентим” шығармалары менен белгили болды. Урыстан соңғы жыллары оның дөретиўшилигинде сатира жанры белгили орынды ийеледи.  Оның “Мен сонда мақтайман”, “Намыс сөзи”, “Ашылып сырың”, “Ис жақпасларға”, “Шуғылларға”, “Әўере”, “Сениң ышқың” ҳ.т.б. шығармалары пайда болды. Шайыр әдебиятымызда сатира менен бирге, тымсал жанрын да раўажландырыўға өз үлесин қосты.  Сондай-ақ, оның эпикалық шығармалары “Бердақ”, “Қамары”, “Теңизде”, “Зарымбеттиң ғабырысы” поэмалары, “Ханаласлар” “Бахтыяр” дәстанлары шайырдың халықлар дослығын жырлаўшы шығармалары әдебиятымызды жанрлық жақтан байытыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.

– Шайырдың қосықларын топлап оны баспаға таярлаўда профессор Ә.Пахратдинов көп шуғылланған,-дейди илимий-излениўши Т.Жәримбетова. – Садық шайырдың үйине барғанында, ол инсан қанша атақлы болыўына қарамастан оны кишипейиллик пенен күтип алғанына ҳайран қалған.

Шайыр шығармаларын 1920-1930-жыллары табель, акт қағаз, завещание сыяқлы табылған қағазларға жаза берген. Гә қәлем, гә сыя, қолдан исленген тары сыя менен жазған. Қосықларының айырым қатарлары өшип қала берген. Қулласы 1959-жылларға келип, 28 баспа табақ көлемде келтирилип баспадан шығарылады. Шайыр өзиниң китабын көрип жүдә қуўанып қалған.

С.Нурымбетов инсан сыпатында оғада жақсы инсан болған, турмыслық жетиспеўшиликке қарамастан ҳеш налымаған. Ол киши менен де, үлкен менен де бирдей қатнаста болған. Ол оғада қатықулақ адам болған. Түркий халық дәстанларының барлығын ядтан оқыған. Күнхожа, Әжинияз, Бердақ, Сыдық, Әбдиқәдир, Қазы Мәўликтиң қосықларын да ядтан билген.  Қағазға қарамастан азанға шекем қосық оқып, дәстан айта алатуғын болған. Ол барған жерге халық жыйналып, қыссаханлық жолы менен атқарған шығармаларын уйып тыңлайтуғын болған.

Шайырдың он ақлығынан дөреген үрип-путақлары да залдың ярымын ийелеп отырды. Олар да өзлериниң шайыр ҳаққында көрген-билгени, еситкен жыллы сөзлери ҳаққындағы мағлыўматлары менен ортақласты.

Кешеде С.Нурымбетовтың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған ҳүжжетли фильм қойып берилди. Төрткүл районы мәденият бөлими режиссёры И.Зинатдинов қыссаханлық жолы менен қосық оқыды.

Кеше жас талантлылардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги