Европа есап палатасының делегациясы Өзбекстанда уран кәнлерин экологиялық тиклеў жумыслары менен таныспақта

172

Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, усы күнлерде Европа есап палатасы делегациясы елимизде болып тур.

Бул сапар етиўден гөзленген мақсет Еврокомиссияның қаржылай жәрдеми менен Европа раўажланыў ҳәм тиклениў банки (ЕРТБ) тәрепинен Өзбекстан аймағындағы бурынғы уран кәни объектлеринде әмелге асырылып атырған қоршаған орталықты экологиялық тиклеў (рекультивация) жумысларының барысы менен танысты.

Сапар етиў бағдарламасының биринши күнинде Европа есап палатасы аудиторы Афонсо де Кастро Малхейро басшылығындағы делегация Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети ҳәм Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги департаментиниң ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Бул ушырасыў даўамында Янгиабад ҳәм Чоркесарда жайласқан бурынғы уран кәнлеринде әмелге асырылып атырған экологиялық тиклеў процесслеринде радиациялық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм нызамшылық талапларына әмел етиў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, объектлерди физикалық қорғаўды жолға қойыў, радиоактив шығындылардың есабын жүргизиў ҳәм мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў мәселелери бойынша мағлыўмат ҳәм тәжирийбе алмасты.

Мағлыўмат орнында, Европа есап палатасы делегациясының елимизге сапары 11-апрельде жуўмақланады.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА