Қуяш панельлеринен пайдаланыўшылардың саны артпақта

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында объектлерде қуяш панельлерин орнатыў жумысларын муўапықластырыў бойынша дүзилген жумысшы топар ўәкиллери Тахтакөпир районында да үйрениў жумысларын алып барды.
Райондағы Қараой аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Ш.Алланиязова өзиниң үйине орнатқан 3 кВт.лық қуўатлылықтағы қуяш панельлери арқалы шаңарағының электр энергиясына болған талабын толық қанаатландырмақта. Сондай-ақ, мүлк ҳәм жер салығынан жеңилликлерге ийе болыў менен бирге, тутыныўдан артқан энергияны тармаққа сатыў арқалы, жылына 4-5 миллион сум қосымша дәрамат таўып атыр.
Районда усы күнге шекем исбилерменлик субъектлери тәрепинен орнатылған альтернатив энергия дереклери есабынан саатына 176,6 кВт. электр энергиясы ислеп шығарылып атырғанын атап өтиў орынлы.

Халықтың турақ жайларына орнатылған қуяш панельлери арқалы районда саатына 250 кВт. электр энергиясы ислеп шығарылып, энергияның үнемлениўи ҳәм нәтийжелилигине ерисилмекте.
Үйрениў жумыслары исбилерменлик субъектлери ҳәм халыққа тийисли турақ жайларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги