АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

203

АҚШтың студентлер ҳәм басқа да түрдеги визаларын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи.

Мәмлекетлик хаткер Марко Рубио консуллық хызметкерлерине АҚШ ҳәм Израильды сынға алыўда гүманланғанлардың социаллық тармақларын тереңлестирип тексериўди буйырған. Айрықша қадағалаўға алынатуғын виза түрлери студентлер, кәсиплик билимлендириў ҳәм мийманға барыў ушын визалар болып табылады.

Әсиресе, терроршылар менен байланысы ямаса оларға тилеклеслик билдириўде гүман етилип атырғанлар, 2023-жыл 7-октябрьден 2024-жыл 31-авгутке шекем АҚШтың студентлер ямаса алмасыў бағдарламасының визасына ийе болғанлар ямаса визасы 2024-жыл октябрь айынан кейин бийкар етилгенлердиң социаллық тармақларындағы постлары жақсылап тексериледи.

Сондай-ақ, егер арза бериўшиниң ҳәрекети ямаса мүнәсибети АҚШ пуқаралары ямаса мәдениятына душпанлық мүнәсибетте болса, оған виза берилиўи бийкар етилиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги