Египеттеги циркте жолбарыс адамға шабыўыл жасады

Египетте жолбарыс тамашагөйлердиң көз алдында цирк атқарыўшысына шабыўыл жасап, оның қолын жулып алды. Ҳәдийсе 1-апрель күни Танта қаласындағы цирк тамашасы ўақтында жүз берген.
Жарақатланған еркек дәрҳал емлеўханаға алып кетилген. Хирурглар оның қолын сақлап қалыўға урынған. Бирақ жарақатлар оғада аўыр болғаны себепли шыпакерлер қолын кесиўге қарар еткен.
Жолбарыс цирктеги тамашалардан шетлетилген ҳәм Каирге қайта таярлықтан өтиўге жиберилген. Ҳүжим артынан жергиликли прокурорлар аймақтағы барлық цирклерге жумысын тоқтатыўды буйырған. Сондай-ақ, олар жақын әтираптағы барлық ҳайўанлардың жағдайын үйрениў ушын инспекторлар жиберилетуғынын айтқан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги