АҚШ Қубла Судан пуқараларының визасын бийкарлады

208

АҚШ Мәмлекетлик хаткери Марко Рубио Қубла Судан ҳүкимети депортация етилген пуқараларын қабыл етпегени ушын усы мәмлекеттиң паспорты ийелерине берилген визаларды дәрҳәл бийкар еткенин жәриялады.

Оған бола, АҚШ енди Қубла Суданнан келген пуқараларды өз аймағына киргизбейди. Рубио Қубла Судан ҳүкиметин пуқараларын өз ўақтында қабылламаўда айыплады.

Бул қарар Қубла Суданда пуқарларық урысы қайта басланыўы мүмкин екени ҳаққында қәўетерлер күшейген ўақытта шықты. АҚШ елшиханасы 8-март күни өз хызметкерлерине мәмлекетти тәрк етиўди буйырды.

Сондай-ақ, АҚШ та ўақытша қорғаў (TPS) статусында болған қубла суданлылардың келешеги де анық емес болып қалмақта. Ўақытша қорғаў мүддети 3-май күни жуўмақланады.

Бул қарар Dyuk университетинде билим алып атырған ҳәм АҚШтағы белгили қубла суданлылардан бири – баскетболшы Хаман Малуачтың да жағдайына тәсир етиўи мүмкин. Университет рәсмийлери жағдайды үйренип атырғанын билдирген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги