Бағдың қатар араларына егин егиў жумыслары басланды

Тақыятас районындағы Найманкөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Әбдирахман Әлибек Хожели” агрофирмасының 6 гектарлық бағында бағдың қатар араларындағы жерлерден утымлы пайдаланыў усыллары бойынша көргизбели семинар шөлкемлестирилди.
Онда райондағы бағшылыққа қәнигелескен дийқан фермерлер, тараў қәнигелери қатнасты.
Өткерилген семинарда Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы агрохызметлер орайы ҳәм Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң қәнигелери тәрепинен бағшылық тараўын раўажландырыў бойынша усыныслар берилди.
Онда мийўели бағ араларындағы жерлерден нәтийжели пайдаланып палыз ҳәм басқа да өнимлерди жетистириў, егинлерде ушырасатуғын зыянлы кеселликлерге қарсы препаратларды қолланыў, топырақ өнимдарлығын арттырыўда агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў бойынша бир қатар жумыслар түсиндирип өтилди.
– Бүгинги күнде Тақыятас районында жәми 46 фермер хожалығы ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларында 208 гектарлық бағ майданлары бар. Соннан 107 гектары өним берип турыпты, ал, 101 гектары жас бағлар болып есапланады. Бүгинги күнде Президентимиздиң тийисли қарар ҳәм пәрманларының орынланыўын тәмийинлеў, қалаберсе, жерлерден утымлы пайдаланыў мақсетинде бағлардың қатар араларына баў-бақша ҳәм палыз егинлерин егиў шөлкемлестирилмекте. Бүгинги семинарда бағдың қатар араларынан нәтийжели пайдаланыў, егин егиў усыллары, агротехникалық илажлары бойынша қәнигелер тәрепинен түсиник жумыслары алып барылды,-дейди Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң Тақыятас районлық қәнигеси Жеткиншек Ибраймов.
Быйылғы жылы районымызда жәми 20 гектар бағ жаратыў ҳәм жүзим атызларын пайда етиў режелестирилген. Бул жумыслар ҳәзирги ўақытта жуўмақланыў алдында турыпты. Бундағы мақсет экспорт көлемин арттырыў ҳәм базарларымызды арзан ҳәм сапалы өнимлер менен тәмийинлеў болып есапланады.

Илажда қатнасыўшылардың да пикир-усыныслары тыңланып, бағдың қатар араларына плёнка астына палыз егинлери егилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги