Транспорт тараўында жаңаланыўлар жүз бермекте

165


Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигинде республикамыздың транспорт тараўында 2025-жылдың биринши шерегинде әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы ислениўи тийис ўазыйпаларға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Конференцияға министрлик басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Әнжуманда республикамыздың транспорт тараўында алып барылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ислениўи тийис ўазыйпалар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министриниң орынбасары Б.Юсупов, Қоңырат темир жол узели баслығы А.Палымбетовлар кең түрде мағлыўмат берди.

-Быйыл республикамыз пайтахтына 13 замангөй автобуслар алып келинип, Нөкис қаласы турғынларына сапалы хызмет көрсетпекте. Алдағы ўақытлары буннан тысқары 160 автобус алып келиниўи режелестирилген,-дейди министрликтиң баспасөз хаткери Заҳида Қалжанова.-Сондай-ақ, темир жол ҳәм авиатранспорт саласында көплеген өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип, жаңа жөнелислер ашылмақта.

Илажда журналистлер тийисли қәнигелерден бүгинги күни кең жәмийетшиликти ойландырып жүрген мәселелер бойынша толық мағлыўматлар алып, ислениўи тийис болған жумыслар ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы