Конституция –әдиллик ҳәм еркинликти тәмийинлеўдиң негизи

191

9-апрель-Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллық сәнеси Нөкис кәншилик институтында да кең түрде белгиленип өтилди.

Илажға оқыў орнының профессор-оқытыўшылары, студент-жаслары менен бирге, депутатлар, судьялар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўды институт директоры  А.Каипбергенов кирис сөз бенен ашып берди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң ағзасы Е.Қутыбаева ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы Г.Зариповалар қатнасыўшыларды сәне менен қызғын қутлықлап, Конституция елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет екенлигине тоқтап өтип, бул принциплер республикамызда әмелге асырылып атырған реформалар, жаңаланыўларда өз көринисин таўып атырғанлығында көриўимизге болады деди.





Өткерилген илажда студентлер өзлерин қызықтырған бир қатар сораўларына қәнигелерден жуўаплар алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги