Регби: Чемпионат жеңимпазлары анықланды

Нөкис қаласында спорттың Регби-7 түринен ер балалар ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Жарыс жуўмағында, ерлер арасында биринши орынды Республикалық спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеби командасы ийелеўге миясар болды.
Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Нөкис ҳәм Қоңырат районлары командаларына несип етти.
Қызлар арасында өткерилген жарыста да, Республиклық спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика түрлерине қәнигелестирилген спорт мектебиниң командасы биринши орынды ийелеп, Қарақалпақстан чемпионы атағына миясар болды.

Чемпионаттың гүмис ҳәм қола медалларын болса, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлик мектеби ҳәм Әмиўдәрья районы командалары жеңип алды.
Чемпионат соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы