Коррупция-реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық

«Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» газ тәмийнаты филиалында тараўға байланыслы соңғы жыллары елимизде шығарылып атырған ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлердиң әҳмийетин кең жәмийетшиликке жақыннан таныстырыў, жәмәәтте коррупцияға қарсы гүресиў бойынша иммунитетти қәлиплестириўге бағышланған семинар болып өтти.
Семинарға филиал басшылары, бөлим баслықлары, сондай-ақ онлайн-конференцбайланыс арқалы қала ҳәм районлардағы бөлимлердиң басшылары ҳәм бас инженерлери, «Өзэнергоинспекция» Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Халық қабыллаўханасы ҳәм Әдиллик министрлигиниң жуўапкер қәнигелери қатнасты.
Илажда «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» газ тәмийнаты филиалы директорының орынбасары Нурлан Жуманиязов, «Өзэнергоинспекция» Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жетекши кәнигеси Абдималик Сапаров, Халык кабыллаўханасы Хожели районлык бөлими қәнигеси Гүлзийба Хожаметова, Әдиллик министрлигиниң Нөкис калалык бөлими қәнигелери Шахислам Мамбетсалиев, Диларам Генжебаевалар тәрепинен соңғы жыллары елимизде газ тәмийнатына байланыслы шығарылып атырған ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлердиң әҳмийети, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, сондай-ақ, тараўда коррупциялық жағдайлардың алдын алыў, газ тараўында жумыс ислеўши ҳәр бир қәнигениң ҳуқықый саўатын арттырып барыў бойынша пикирлери тыңланды.

-Ҳақыйқатында да соңғы жыллары коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир қатар нызамлар қабыл етилип, усы тийкарда пүткиллей жаңа система жаратылмақта,-дейди Халык кабыллаўханасы Хожели районлык бөлими қәнигеси Гүлзийба Хожаметова.- Парламентимиз палаталарында жуўапкер комитетлер, Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси ҳәм Агентликлер, өндирислик ҳәм ҳызмет көрсетиў кәрханаларында коррупцияға қарсы гүресиў бөлимлери шөлкемлестирилди.
Семинарда сөзге шыққанлар өз сөзинде коррупция реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық екенлигин айрықша атап өтти.
Өткерилген илаж даўамында қатнасыўшылар қәнигелерге өзлерин қызықтырған сораўларын берип, оларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги